Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Кирисиў Диссертация жумысының актуаллығы


Download 1.38 Mb.
bet2/24
Sana01.03.2023
Hajmi1.38 Mb.
#1239711
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   24
Bog'liq
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев

Кирисиў
Диссертация жумысының актуаллығы:
Стохастикалық программаластырыўда-экстремал мәселелердиң мақсет функциясы ямаса шеклеўлер системасы параметрлериниң тосынанлы шамаға байланыслы болған жағдайлары үйрениледи.
Кейинги ўақытлары стохастикалық программаластырыўдың мәселелерин үйрениўде айтарлықтай жетискенликлерге ерисилип атыр, усының нәтийжестинде стохастикалық программаластырыўдың мәселелери болған бир этаплы, еки этаплы ҳәм т.б N-этаплы стохастикалық мәселелерди теориялық жақтан раўажландырыў ҳәм әмелде қолланыў белгили дәрежеде иске асырылып атыр.
Сонлықтан стохастикалық программаластырыў мәселелерин шешиўдиң санлы ҳәм сапалы анализлеў усылларын үйрениў ҳәм жетилистириў, әмелде өндириске қолланыў актуаль мәселелердиң бири болып есапланады.
Дссертация жумысының мақсети ҳәм ўазыйпалары:
Бул усынылып атырған магистрлик диссертация жумысында еки этаплы стохастикалық мәселени шешиў усыллары қаралады.
Көпшилик жағдайларда экстремал мәселелерди изертлеў ҳәм шешиў процессин еки этапқа бөлип алып барған мақсетке муўапық болады. Биринши этапта шешим қабыл етилсе, ал екинши этапта сол шешим корректировка исленеди. Солай етип шешимге анықлық киритиў арқалы этаплар санын (бир, еки, үш ҳ.т.б) көбейтип барыў арқалы анық шешим алғанша даўам еттирилиўи мүмкин. Бул жағдайда ақырғы шешим-еки ямаса үш ҳ.т.б N-этаплы стохастикалық программаластырыў мәселеси жәрдеминде табылады.
Бул диссертация жумысының тийкарғы мақсети еки этаплы стохастикалық мәселелерин шешиўге яғный сызықлы, сызықлы емес стохастикалық программаластырыў мәселелерин шешиўге санлы усылларды қолланыўды үйрениў ҳәм сызықлы емес еки этаплы стохастикалық мәселеси не қосарлы мәселе дүзиў, бул қосарлы мәселелер ушын оптималлық шәртлерин орнатыў, соның менен бирге еки этаплы сызықлы стохастикалық мәселесин шешиў алгоритмине Дельфи программаластырыў тилин қолланыў ҳәм ЭЕМ-де нәтийже алыў ҳəм келешекте бул бағдарды еледе раўажландырыў мәселеси болып есапланады.
Илимий жумыстың теориялық ҳәм методологиялық тийкарлары:

Download 1.38 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling