Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Визуал программаластырыў тийкарлары. Дельфи тилиниң операторлары менен жумыс ислеў


Download 1.38 Mb.
bet14/24
Sana01.03.2023
Hajmi1.38 Mb.
#1239711
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   24
Bog'liq
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев

Визуал программаластырыў тийкарлары. Дельфи тилиниң операторлары менен жумыс ислеў


1. Қурамалы ҳәм бос операторлар
Дельфи тилинде қурамалы операторлар бул – операторлық қаўыс белгиси менен шегараланған операторлар избе-излиги есапланады. Қаўыс белгиси ретинде begin , end хызмет сөзлери қолланылады. Қурамалы операторлар структурланған программаластырыўдың ҳәзирги заман технологиясы бойынша программа жазыўға мүмкиншилик бериўши әҳмийетли қураллардың бири.
Объект Паскаль тилинде қурамалы операторларға кириўши операторларға шеклеўлер қойылмаған. Олардың ишинде басқада қурамалы операторлар болыўы мүмкин ҳәм олардың бириниң ишине бири жайласыўы саны қәлеген болады:
begin
…………
begin
………….
begin
…………..
…………..
end;
………….
end;
…………..
end;
Хызмет сөзи end оператор қаўыс белгисиниң жабылыўын ҳәм алдыңғы оператордың тамам болғанлығын билдиргенлиги ушын оның алдында ; белгиси қойылмайды. Егер қойылған болса онда ол жерде бос оператор турған есапланады. Бос оператор программада басқарыўды қурамалы оператор кейнине бериў ушын қолланылады.
Шәртли өтиў операторы
Шәртли өтиў операторы деп базыбир шәрттиң орынланыўына байланыслы ол ямаса бул әмелдиң орынланыўын тәмийнлеўши операторға айтылады.Солай етип ол есаплаў процессиниң тармақланыўын билдиреди. Оның дүзилиси


If < шәрт > then <оператор 1 > else <оператор 2 > ;

Бул жерде If, then, else сөзлери хызмет сөзлери болып : егер, онда, болмаса мәнислерин береди. Мысал:


Var
X, Y, Max: Integer;
Begin
……
if X> Max then
Y:= Max
Else
Y:= X;
..
end;
if (a> b) and (b<>0) then ….


Қайталаў операторлары. Қайталаў ямаса цикл операторлары Объект Паскаль тилинде 3 түрде болады. Бириншиси for операторы
For <цикл параметри > to <баслан.мәниси > do <оператор >;
Бул жерде For, to, do хызмет сөзлери. Оған бир мысал келтиремиз:
IntSumm оқыў программасы. Бул программада берилген N саны ушын 1 ден N шекемги пүтин санлардың қосындысын есаплап метка ҳәм редакторға шығарыўшы программа дүземиз.

Download 1.38 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling