Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Download 1.38 Mb.
bet10/24
Sana01.03.2023
Hajmi1.38 Mb.
#1239711
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   24
Bog'liq
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев

DELPHI орталығы менен танысыў


Delphi орталығы программисттиң жоқары эффективли жумысын тәмийнлейтуғын механизм. Визуал ол экранда бир уақытта ашылған бирнеше айналар менен визуал иске асырылады. Айнаны бир-бирин толық ямаса бир бөлимин үсти-үстине қойыў ҳәм экран бойынша көшириў мүмкин. Delphi де ислеў тәжирийбесине ийе болғаннан соң жаратылған программаның функциональ қәсийетлерин өзгертиў ушын керек айнаны излеўди үйрениўге болады. Ҳәр бир айна анық бир мәселени шешиў ушын арналған функционаллыққа ийе.
Delphi программасы иске қосылғаннан соң 2.1 сүўреттегидей көринис пайда болады. Көринисте Delphi программасының 6 әҳмийетли айналары сүўретленеди. Бас айна 1, объектлер иерархиясы айнасы 2 (Object Tree View), объектлер инспекторы 3, броузер айнасы 4, формалар айнасы 5, программа коды айнасы 6.
Айналарды сүўреттегидей тәртиплеў ушын олардың жайласыўы ҳәм өлшемин қолда өзгертиўге болады. Айналардың жайласыўы ҳәм өлшеми олардың ўазыйпасына тәсир етпейди. Экранда код айнасын көриў керек болса, F12 басылады (егер бул ўақытта объектлер инспекторы айнасы актив болса, F12 ни және басыў керек). F12 ни қайта басыў және формалар айнасын иске түсиреди. Бул клавиша екилик өткериўши ўазыйпасын атқарады ҳәм формалар айнасы ҳәм программалар коды айнасын өзгермели көрсетип турады.
Delphi ди иске қосқанда барлық айналар жоқарысында 2.2-сүўреттегидей айна пайда болады.

2.1-сүўрет. Delphi диң әҳмийетли айналары.

БАС АЙНА


Бас айна жаратылып атырған программада проектти басқарыўдың тийкарғы функцияларын әмелге асырады. Бул айна экранда барлық ўақытта бар болады ҳәм оның ең жоқары бөлимин ийелейди. Оны толық экранға ашып жибериўге урынбаң: оның өлшемлери ҳәм көриниси ҳәтте максимизация жағдайындада әдеттегисинен артықмашылыққа ийе емес. Бул бас айнаның функционаллығы менен байланыслы: бириншиден ол барлық ўақытта программисттиң қолында болыўы керек болған элементлерге ийе болады, екинши тәрептен айна Delphi диң басқа айналарынан экранның әдеўир бөлимин тартып алмаўы керек. Бас айнаны минималластырыў басқа айналардың жоғалыўына алып келеди, ал оның жабылыўы программисттиң программаластырыў системасы менен жумысының жуўмақланғанлығын билдиреди.
Бас айнада Delphi диң бас менюси, пиктографиялық командалы кнопкалар топламы ҳәм компоненталар политрасы жайласады.
Бас меню [бас менюден тысқары Delphi де мыщтың оң кнопкасы менен кирилетуғын жәрдемши менюлер системасы кең пайдаланады] проектти басқарыў ушын керек болған барлық нәрселерге ийе болады.
Delphi менен танысыў ушын толық пиктографиялық кнопкалардан пайдаланады.

Download 1.38 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling