Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


§3.1. Delphi программаластырыў тили ҳақында түсиник


Download 1.38 Mb.
bet9/24
Sana01.03.2023
Hajmi1.38 Mb.
#1239711
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   24
Bog'liq
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев

III-бап. Санлы эксперимент.

§3.1. Delphi программаластырыў тили ҳақында түсиник.


Қысқа ўақытта Borland компаниясы Delphi диң 7 тийкарғы версиясы ҳәм бирнеше модификацияларын ислеп шықты. Бул бапта Delphi версияларының тийкарғы қәсийетлери 6-версияны толық анализлеў тийкарында қарап өтиледи.
Версиялар жаңарған сайын олардың мүмкиншиликлери жоқарылап барады.
Delphi – CASE - технологияларының RAD - (Rapid Application Development – «Программаларды тез жаратыў қуралы») топарына кириўши тил ҳәм программаластырыў орталығы. Delphi қуўатлы Windows программаларын жаратыў процессин, тезлетеди ҳәм сизге қолайлылық жаратады. Бурын С++ тилинде Windows программаларын жаратыў ушын бирнеше адам күши талап етилетуғын болса, енди бундай программалар Delphi қолланыўшы бир адам тәрепинен жаратылыўы мүмкин.
Delphi оғада кең мүмкиншиликлерге ийе болып, мүмкиншиликлери формалар проектлеўшисинен басланып барлық заманагөй мағлыўматлар базалары форматларын таныўы менен аяқланады. Программаластырыў орталығы улыўма қолланылыўшы: белги, текстли майданша, дизим ҳәттеки диалог панеллери усаған Windows компоненталарын программаластырыўдан азат етеди. Windows та жумыс ислей отырып көплеген ҳәр қыйлы программалардағы бирдей объектлерди көриўимизге болады. Диалог панеллери (мәселен Choose File ҳәм Save File) жийи қолланылыўшы компоненталарға мысал бола алады. Бул компоненталар Delphiге тиккелей енгизилген ҳәм оларды жаратылыўшы программаның талабына сай қойылған мәселеге қарай ийкемлестирип ислетиўге болады. Буннан басқа бул жерде алдыннан анықланған визуал (кнопкалар, менюлер, диалог панеллери) ҳәм визуал емес (мағлыўматлар объектлери, системалы ўақыт) объектлер бар. Бул объектлер жәрдеминде программаластырмай тек тышқанша түймесин бир неше басыў арқалы мағлыўматларды киритиў мүмкин. Булардың ҳәммеси CASE-технологияларының заманогөй, программаларды программаластырыў технологияларына енгизилиўиниң дәлили болып табылады.
Delphi ди пайдаланып Windows те программаластырыўдың абзаллықлары:
1) Мағлыўматларды қайтадан тәкирар-тәкирар киритиў сапластырылады;
2) Проект ҳәм оның әмелге асырылыўы арасында келисим тәмийинленеди;
3) Программаларды жаратыў өнимдарлығы артады ҳәм программалардың бир компьютерден екиншисине өткериў аңсатласады
Визуал программаластырыў программаларды жаратыўда программаны иске түсирмей оның объектлериниң көринисин монитор экранында сүўретлеў мүмкиншилигин береди. Визуал программаластырыўсыз, кодланған объектлерди тек программа орынланғанда көриў мүмкин еди. Бундай жағдайда, объектлердиң өзин берилген тәртипте тутыўына ерисиў қыйын болар еди, себеби программалық кодқа бирнеше мәрте дүзетиў киритиледи ҳәм ол қайтадан компиляцияланып, иске түсириледи, буннан соң нәтийжеси бақланады.
Delphi де объектлерди жайластырыў, объект ҳәм ҳақыйқый программалық код пенен жақын қатнаста байланысқан. Объектлер сизиң формаңызға жайластырылады, ал усы объектке жуўап бериўши программалық код форманың файлына автомат жазылады. Соң бул кодлар компиляцияланады.

Download 1.38 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling