Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Download 1.38 Mb.
bet13/24
Sana01.03.2023
Hajmi1.38 Mb.
#1239711
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   24
Bog'liq
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев

ПРОГРАММА КОДЫ АЙНАСЫ


Код айнасы программа текстин жаратыў ҳәм редакторлаўға арналған. Бул. текст арнаўлы қағыйдалар бойынша дүзиледи ҳәм программа жумысының алгоритмин тәрийплейди. Текст жазыў қағыйдалары жыйындысы программаластырыў тили деп аталады. Delphi системасында 1970-жылда биринши мәрте швейцар алымы Н.Вирт тәрепинен исленген, соң Borland корпорациясы тәрепинен жетилистирилген (олар тәрепинен Turbo Pascal, Borland Pascal, Object Pascal жаратылған) Pascal тилиниң кең тарқалған, кеңейтирилген ҳәм жетилистирилген версиясы Object Pascal программаластырыў тили пайдаланады. Delphi визуал орталығы программаластынрыўдың жаңалықтан қорқыўшылық көз-қарасына ийе болыўына қарамастан Object Pascal программаластырыў тилин үйрениў бул орталықта ислейтуғын қәлеген программист ушын зәрүрли шәрт болып есапланады.
Delphi код айнасы бос форманың нормал ҳәрекетин тәмийнлейтуғын минимал тийкарғы текстке ийе болады. Жумыс барысында программист программаға керек функционаллықты бериў ушын проектке керекли толықтырыўлар киргизеди. Ҳәтте әпиўайы прогамма жаратыў ушында программа кодын жаратыў ҳәм өзгертиў (редакторлаў) керек. Төменде код айнасы менен ислеўдиң тийкарғы усыллары келтирилген. Жаңа проектти ашқанда, онда мынандай қатарлар болады:
unit Unit1;
interface
uses
Windows, Messages, SysUtils, Classes, Graphics, Controls, Frms, Dialogs;
type
TFormI = class(TForm) private
{ Private declarations } public
{ Public declarations } end;
var
Form1: TForm1;
implementation
{SR *.DFM}
end.
Delphi диң қатарлары жаңа форма ушын код айнасына автомат түрде қойылады. Жоқарыда айтылғандай, код айнасы программа айнасының яғный программа менен ислегенде пайда болатуғын айнаның қәсийетлик тәреплерин, ал формалар айнасы-оның ишки көринислерин анықлайды. Еки айна бир-бири менен тығыз байланыслы. Соның менен бирге Delphi
unit Unit1;
и implementation
арасына керек қатарды қойып, оның жоқары бөлиминде "хожейинлик" ислейди.
Айнаға жаңа қатар қойыў ушын, дәслеп айнаға мышты шертиў арқалы ямаса клавиатура жәрдеминде керек орынға текстли көрсеткиш қойыў керек, соңынан клавиатура жәрдеминде текст киритиледи. Әдетте, программа коды тексти бирнеше қатарларда жайласады. Жаңа қатарға өтиў ушын Enter клавишасы пайдаланады. Қәте киритилген символ Backspace жәрдеминде өшириледи. Тексттиң соңғы өзгерисин бийкарлаў ушын Ctrl+Z басылады ҳәм меню пунктинен Edit | Undo таңланады.
Әдетте, код айнасы менен бирге айнада кодтың бирнеше қатарлары бар болғанда керек элементлерди излеўди жеңиллестиретуғын Code Explorer броузери иске түсириледи (2.8-сүўрет).

2.8-сүўрет. Шеп тәрепинде Code Explorer броузери жайласқан код айнасы
Қурамалы емес оқыў программаларын ислегенде броузер айнасын жоқары оң мүйеште киши кнопкасы менен жабыўға болады. Жабылған айнаны мыштың оң кнопкасы менен код айнасын шертип ҳәм view Explorer опциясын таңлап қайта тиклеўге болады. Броузер айнасы жәрдемши панелде жайласады ҳәм рамканың жоқары бөлиминде басқарыўшы полосаға ийе болады. Оны мышь пенен экранның қәлеген бос орнына жылыстырыўға болады.
Дәслеп бул бет бос болады. Оны толтырыў ушын компонентлик байланыслар инспекторы айнасынан еки ямаса оннанда көбирек компонентлерди мыщь пенен алып келиў керек. 2.9-сүўретте бул айна броузер айнасына жоқары бөлими менен бириккен. Компонентлерди диаграмма майданында тасыў ушын shift клавишасын басып турып ҳәм компонентке шертип, соң shift клавишасын услап турып мышты диаграмма майданына алып келип, оған шеп кнопканы шертиў керек.

Download 1.38 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling