Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Download 1.38 Mb.
bet3/24
Sana01.03.2023
Hajmi1.38 Mb.
#1239711
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   24
Bog'liq
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев

Илимий жумыстың жаңалығы:
Бул жумыста еки этаплы стохастикалық мәселени шешиў усыллары үйрениледи ҳәм әмелий мәселелерди шешиўге бул усыллар қолланылады. Еки этаплы сызықлы емес стохастикалық мәселеси ушын қосарлы мәселе дүзилди ҳәм бул мәселелер ушын оптималлық шәртлери орнатылды. Соның менен бирге еки этаплы сызықлы стохастикалық мәселени шешиў алгоритмине Дельфи программаластырыў тилинде дәстур ислеп шығылды ҳәм анық мағлыўматлар жәрдеминде санлы эксперимент өткерилди.
Диссертация жумысының дүзилиси:
Магистрлик диссертация жумысы тийкарынан үш баптан ибарат болып, кирисиў, тийкарғы бөлим, жуўмақлаў ҳәм қосымша бөлимлерден турады.
Кирисиў бөлиминде улыўма стохастикалық программаластырыў мәселеси ҳәм оның раўажланыў тарийхы ҳаққында ҳәм қойылған мәселениң актуаллығы айтып өтиледи.
I-Бапта. Улыўма стохастикалық программаластырыў мәселесиниң қойылыўы ҳәм еки этаплы сызықлы емес стохастикалық программаластырыў мәселеси, стохастикалық субградиент, квазиградиент ҳәм еки этаплы сызықлы емес стохастикалық программаластырыў мәселеси ушын оптималлық ҳәм қосарлық қатнаслары қарап өтиледи.
II-Бапта. Еки этаплы сызықлы стохастикаық программаластырыў мәселесиниң қойылыўы ҳәм шешиў усыллары, квазиградиентлер усылының эффективлигин асырыў усыллары үйренилди.
III-Бапта. Дельфи программаластырыў тили ҳәм оны еки этаплы сызықлы стохастикалық мәселени шешиўге қолланыў мәселеси қаралады ҳәм еки этаплы сызықлы стохастикалық мәселени шешиў алгоритмине Дельфи программаластырыў тилинде дәстүр дүзилип санлы эксперимент жүргизилди.
Жумыстың кейинде пайдаланған әдебиятлар дизими ҳәм жуўмақлаў келтирилди.
Кирисиў
Стохастикалық программаластырыў - математикалық программаластырыўдың өз алдына бир айрықша бөлеми болып есапланады. Ол тийкарынан режелестириў ушын зәрүр болған басланғыш мағлыўматлар жетерли болмаған жағдайда ислеп шығарыўды ҳәм басқарыў мәселелерин шешиў усылларын үйренеди. Ислеп шығарыўды басқарыў процесси оған тосаттан кесент беретуғын себеплер менен байланысылы болыўы мүмкин, олардың өзгериўиниң статистикалық нызамлықларын алдын ала анықлаў ямаса есаплаў мүмкиншилиги болмай қалады. Базы бир жағдайларда мәселениң жуўық параметрлерин өзгертиўге ийе болған статистикалық нызамлық ҳаққында ҳеш қандай мағлыўматлар белгили болмай қалыўы мүмкин. Бундай жағдайда берилетуғын мәселелерди анық емес мағлыўматлар менен байланыслы болған мәселе делинеди.
Мәселениң шәртлери ҳаққында толық мағлыўматларға ийе болмаған жағдайда оның математикалық моделин дүзиў ушын арнаўлы усыллар қоланыўға туўра келеди.
Стохастикалық программаластырыў режелестириў ҳәм басқарыў мәселелериниң шәртлери ҳаққында толық мағлыўматларға ийе болмаған шәртли экстремал мәселелерин шешиў теориясы ҳәм усылларын үйрениў менен шуғылланады.
Стохастикалық программаластырыў термини 1950-жыллардың басларында пайда болды. Стохастикалық программаластырыўда-экстремал мәселелердиң мақсет функциясы ямаса шеклеўлер системасы параметрлериниң тосынанлы шамаға байланыслы болған жағдайлары үйрениледи. Сол ўақытлары америкалық илимпазлар Данциг, Чарнс, Купер коэффициентлери тосынанлы шамаларға байланыслы болған сызықлы программаластырыў мәселелерин анализледи. Бул мәселелер режелестириўде анық емес ҳәм тәўекеллик жағдайында пайда болатуғын мәселелер болып табылады. Усы ўақытлары стохастикалық программаластырыў мәселелери сызықлы, сызықлы емес программаластырыў мәселелерине келтирилип ҳәм сызықлы, сызықлы емес программаластырыўдың белгили кең тарқалған усыллары жәрдеминде шешилди. Бирақта сызықлы, сызықлы емес программаластырыўдың санлы усыллары жәрдеминде тек ғана айрым киши класс стохастикалық программаластырыў мәселелерин шешиў мүмкин еди. Стохастикалық программаластырыў мәселелерин шешиўдиң, сызықлы емес программаластырыў мәселелерин шешиўге қарағанда тийкарғы қыйыншылықларының бири стохастикалық программаластырыў мәселесинде мақсет функциясы ҳәм оның шеклеўлер системасы ҳаққында толық мағлыўматлар мәлим емеслиги болып табылады. Бундай мәселелерди шешиўге сызықлы, сызықлы емес программаластырыў усылларын қолланып шешиў оғада қыйын ҳәттеки шешиўге болмайтуғын еди. Сонлықтан бундай жағдайда стохастикалық процедураларды қолланыў орынлы болады.
Кейинги ўақытлары стохастикалық программаластырыўдың мәселелерин үйрениўде айтарлықтай жетискеншиликлерге ерисилип атыр, усының нәтийжесинде стохастикалық программаластырыўдың мәселелери болған стохастикалық моделлерди теориялық жақтан раўажландырыў ҳәм әмелде қоланыў белгили дәрежеде иске аспақта.
Ҳәзирги ўақытта математикалық программаластырыўдың-бир бөлими болған стохастикалық программаластырыў тез пәт менен раўажланып бармақта. Бул тараўды ҳәм улыўма оптималластырыў мәселелерин шешиў усылларын ҳәм моделлерин ислеп шығыўда дүньяға белгили илимпазлар В.М.Глушков, Ю.М.Ермольев. В.С.Михалевич. Н.З.Сергиенко. Ю.Д.Юдин, Б.Н.Пшеничный, Н.З.Шор, Р.Ветс, Р.Рокафеллер, И.Н.Ляшенко, А.И.Ястремский, М.В.Михалевич, А.М.Гупал, Ф.Мирзохмедовлардың қосқан үлкен үлеслерин атап өтиў орынлы.

Download 1.38 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling