Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
-статья. Қымбат баҳалы металлар ямаса тасларды тапсырыў қағыйдаларын бузыў
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
185-статья. Қымбат баҳалы металлар ямаса тасларды тапсырыў қағыйдаларын бузыў
Жер астыннан қазып алынған қымбат баҳалы металлар яки тасларды мәмлекетке тапсырыў қағыйдаларын бузыў нәтийжесинде мәмлекетке көп муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. 1851-статья. Реңли металлар, олардың бөлеклерин ҳәм қыйынды-шығындыларын таярлаў, алыў, олардан пайдаланыў ҳәмде оларды өткериў қағыйдаларын бузыў Қымбат баҳалы металлар қатарына кирмейтуғын реңли металлар, олардың бөлеклерин ҳәм қыйынды-шығындыларын таярлаў, алыў, олардан пайдаланыў ҳәмде оларды өткериў қағыйдаларын бузыў, сондай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. Усы қылмыслар : а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен; б) көп муғдарда ; в) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. Усы қылмыслар : а) оғада көп муғдарда ; б)шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. 1852-статья Электр, ыссылық энергиясы, газ, водопроводдан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў Улыўма пайдаланыўдағы электр, ыссылық, газ ямаса водопровод тармақларына өзбасымшалық пенен жалғаныў яки электр, ыссылық энергиясы, тәбийий газ, суўық ямаса ыссы суўды есапқа алыў әсбапларына, сондай-ақ олардың пломбаларына қасттан зыян келтириў яки бундай есапқа алыў әсбапларының көрсеткишлерин өзгертиў мақсетинде оларға сырттан араласыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен жетпис бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады Улыўма пайдаланыўдағы электр, ыссылық, газ ямаса водопровод тармақларына өзбасымшалық пенен жалғаныў яки электр, ыссылық энергиясы, тәбийий газ, суўық ямаса ыссы суўды есапқа алыў әсбапларына, сондай-ақ олардың пломбаларына қасттан зыян келтириў яки бундай есапқа алыў әсбапларының көрсеткишлерин өзгертиў мақсетинде оларға сырттан араласыў әдеўир муғдарда зыян келтирген ҳалда исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының жетпис бес есесинен бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық сааттан үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Улыўма пайдаланыўдағы электр, ыссылық, газ ямаса водопровод тармақларына өзбасымшалық пенен жалғаныў яки электр, ыссылық энергиясы, тәбийий газ, суўық ямаса ыссы суўды есапқа алыў әсбапларына, сондай-ақ олардың пломбаларына қасттан зыян келтириў яки бундай есапқа алыў әсбапларының көрсеткишлерин өзгертиў мақсетинде оларға сырттан араласыў көп муғдарда зыян келтирген ҳалда исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан еки жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылдан еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады Улыўма пайдаланыўдағы электр, ыссылық, газ ямаса водопровод тармақларына өзбасымшалық пенен жалғаныў яки электр, ыссылық энергиясы, тәбийий газ, суўық ямаса ыссы суўды есапқа алыў әсбапларына, сондай-ақ олардың пломбаларына қасттан зыян келтириў яки бундай есапқа алыў әсбапларының көрсеткишлерин өзгертиў мақсетинде оларға сырттан араласыў оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен бес жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки еки жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Кетирилген материаллық зыянның орны қаплаған болса еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды Биринши рет жынаят ислеген шахс, егер ол жынаят анықланған күннен баслап отыз күнлик мүддетте келтирилген материаллық зыянның орнын қоплаған болса, жуўапкершиликтен азат етиледи. Усы статья улыўма пайдаланыўдағы электр, ыссылық, газ ямаса водопровод тармақларына коммерция мақсетлеринде өзбасымшалық пенен жалғаныў яки электр энергиясын, тәбийий газды, суўық ямаса ыссы суўды есапқа алыў әсбапларына, сондай-ақ олардың пломбаларына қасттан зыян келтириў яки есапқа алыў әсбапларының көрсеткишлерин өзгертиў мақсетинде оларға сырттан араласыў арқалы талан-тараж етиў менен байланыслы ҳәрекетлер исленгенде қолланылмайды. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling