Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet80/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   76   77   78   79   80   81   82   83   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

1862-статья. Шигиттен алынатуғын өнимди нызамға қылап түрде ислеп шығарыў яки айланысқа киргизиў
Шигиттен алынатуғын өнимди нызамға қылап түрде ислеп шығарыў яки айланысқа киргизиў, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) көп муғдарда ;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
г) лаўазымынан пайдаланып қыянет етиў жолы менен исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) оғада көп муғдарда ;
б) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп ислеген болса, —
жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

1863-статья.Сапасыз ямаса қәлбекилестирилген дәри өнимлерин яки медициналық буйымларды өткериў мақсетинде ислеп шығарыў, таярлаў, алыў, сақлаў, тасыў яки өткериў, дәри өнимлерин ямаса медициналық буйымларды дәриханалардан ҳәм олардың филиалларынан сыртта реализация етиў, сондай-ақ қурамында күшли тәсир етиўши затлар бар болған дәри өнимлерин рецепт бойынша усақлап сатыў реализация етиў тәртибин бузыў
Сапасыз ямаса қәлбекилестирилген дәри өнимлерин яки медициналық буйымларды өткериў мақсетинде ислеп шығарыў, таярлаў, алыў, сақлаў, тасыў ямаса өткериў, сондай-ақ дәри өнимлерин ямаса медициналық буйымларды дәриханалардан ҳәм олардың филиалларынан сыртта реализация етиў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесинне шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) көп муғдарда ;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
г)лаўазымынан пайдаланып қыянет етиў жолы менен исленген болса ;
д) денеге орташа аўыр яки аўыр зыян келтирилиўине себеп болса ;
е) дәри өнимлери ямаса медициналық буйымлардың сапасы ҳәм мәмлекет дизиминен өткенлигин тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерди қәлбекилестириў жолы менен исленген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) оғада көп муғдарда ;
б)шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса ;
в) адам өлиўине себеп болса, —
сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) адамлар өлимине себеп болса ;
б) басқаша аўыр ақыбетлердиң келип шығыўына себеп болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Қурамында күшли тәсир етиўши затлар бар болған дәри өнимлерин рецепт бойынша усақлап сатыў реализация қылыў тәртибин бузыў, сондай ҳәрекет ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин ямаса көп муғдарда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши — төртинши бөлимлери қурамында күшли тәсир етиўши затлар бар болған дәри өнимлери менен байланыслы ҳәрекетлерди ислеў қолланылмайды.



Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   76   77   78   79   80   81   82   83   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling