Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
-статья. Нызамға қылап түрде ахпарат топлаў, оны әшкаралаў ямаса оннан пайдаланыў
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
- Bu sahifa navigatsiya:
- 192-статья. Бәсекилести абыройсызландырыў
191-статья. Нызамға қылап түрде ахпарат топлаў, оны әшкаралаў ямаса оннан пайдаланыў
Сыр тутылатуғын пән-техника, ислеп шығарыў, экономика, саўдаға тийисли яки басқа сол сыяқлы ахпаратты ийесиниң разылығысыз әшкаралаў ямаса оннан пайдаланыў мақсетинде ҳәр қандай усылда топлаў — базалық есаплаў муғдарының жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. Сыр тутылатуғын пән-техникаға, ислеп шығарыў, экономика, саўдаға тийисли ҳәм басқа сол сыяқлы ахпаратты ийесиниң разылығысыз қасттан әшкаралаў яки оннан пайдаланыў хожалық жургизиўши субъектке көп муғдарда зыян келтирген болса, — базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. 192-статья. Бәсекилести абыройсызландырыў Бәсекилести абыройсызландырыў, яғный баспа ямаса басқаша усылда көпбейттирилген текстлерде ямаса ғалаба хабар қураллары арқалы хожалық жургизиўши субъекттиң исбилерменлик абыройына зыян келтириў мақсетинде биле турып жалған, анық емес ямаса бузып көрсетилген мағлыўматларды тарқатыў — базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. XIII1 бап. Исбилерменлик искерлигине тосқынлық етиў, нызамға қылап түрде араласыў менен байланыслы жынаятлар ҳәмде хожалық жургизиўши субъектлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине қәўип салатуғын басқа жынаятлар 1921-статья. Жеке меншик ҳуқықын бузыў Қадағалаўшы, ҳуқықты қорғаўшы ҳәмде тағы басқа мәмлекет органының ҳәм мәмлекет шөлкеминиң лаўазымлы шахсы ямаса хызметкери тәрепинен жеке меншик ийеси ҳуқықларын бузыў жолы менен оларға зыян келтириў, яғный мүлк ҳуқықын нызамға қылап түрде шеклеў ҳәм (ямаса ) оннан айырыў, жеке меншикке қәўип салыў, қабыл етиўге болмайтуғынлығы алдыннан белгили болған шәртлерди мал-мүлклине мәжбүрий қабылладырыў, сондай-ақ мал-мулкти ямаса мүлкий ҳуқықларды тапсырыўды негизсиз түрде талап етиў, сондай-ақ мүлкин алып қойыў яки оны өз мал-мүлкине болған ҳуқықынан ўаз кешиўге мәжбүрлеў, талан-тараж белгилери бар болмаған жағдайда, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы ҳәрекетлер: а) көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ; б) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен бес жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы ҳәрекетлер: а) оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ; б) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп ислеген болса, — базалық есаплаў муғдарының бес жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айырып, бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling