Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Өсимликлер кеселликлери ямаса зыянкеслери менен гүрес талапларын бузыў


Download 340.7 Kb.
bet91/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   87   88   89   90   91   92   93   94   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

199-статья. Өсимликлер кеселликлери ямаса зыянкеслери менен гүрес талапларын бузыў
Өсимликлер кеселликлери ямаса зыянкеслери менен гүрес талапларын бузыў аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

200-статья. Ветеринария, ветеринария-санитария қағыйдалары ҳәм нормаларын бузыў .
Ветеринария, ветеринария-санитария қағыйдалары ҳәм нормаларын бузыў ҳайўанлардың ямаса қустың епидемиялық кеселликлери (епизоотиялар) тарқалыўына, олардың жалпы қырылып кетиўине ямаса басқа аўыр ақыбетлер келип шығыўына себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

201-статья. Зыянлы химиялық затлар менен ислесиў қағыйдаларын бузыў
Хожалық искерлигинде өсимликлерди қорғаўдың химиялық қураллары, минерал төгин, өсиў биостимулятори ямаса басқа химиялық дәрилерди ислеп шығарыў, сақлаў, тасыў ямаса олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў адамлардың ғалабалық кеселлениўи, ҳайўанлар, қуслар яки балықлардың қырылып кетиўи яки басқаша аўыр ақыбетлердиң келип шығыўына себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер адам өлиўине себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   87   88   89   90   91   92   93   94   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling