194-статья. Қоршаған тәбийий орталықтың патасланғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды қасттан жасырыў яки бузып көрсетиў
Арнаўлы ўәкилликке ийе лаўазымлы шахслар тәрепинен зыянлы экологиялық ақыбетлерди келтирип шығарған апатлар яки қоршаған тәбийий орталықтың радиациялық, химиялық, бактериологиялық патасланғанлығы яки адам өмири ямаса денсаўлығы, тири тәбият ушын қәўипли болған басқаша түрде патасланғанлығы ҳаққындағы яки халық денсаўлығының жағдайына тийисли мағлыўматларды қасттан жасырғанлығы ямаса бузып көрсетилиўи нәтийжесинде халықтың ғалабалық кеселлениўи, ҳайўанлар, қуслар яки балықлардың қырылып кетиўи яки басқаша аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыслар адам өлиўине себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
195-статья. Қоршаған тәбийий орталықтың патасланыўы ақыбетлерин сапластырыў шараларын көрмеў
Лаўазымлы шахстың экологиясы патасланған орынларды дезактивация етиў яки басқаша тәрзде қайта тиклеў шараларын көриўден бас тартыў ямаса бундай ислерди жетерли дәрежеде орынламаў адамлардың ғалабалық түрде кеселлениўи, ҳайўанлар, қуслар яки балықлардың қырып кетиўи ямаса басқаша аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыслар адам өлиўине себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
196 -статья. Қоршаған тәбийий орталықты патасландырыў
Жерлерди патасландырыў яки бузыў, суў ямаса атмосфера ҳаўасын патасландырыў адамлардың ғалабалық түрде кеселлениўи, ҳайўанлар, қуслар яки балықлардың қырылып кетиўи ямаса басқаша аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыслар адам өлиўине себеп болса, —
Белгили ҳуқықтан айырып, бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |