Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Жер, жер асты байлықларынан пайдаланыў шәртлерин яки оларды қорғаў талапларын бузыў


Download 340.7 Kb.
bet90/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   86   87   88   89   90   91   92   93   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

197-статья. Жер, жер асты байлықларынан пайдаланыў шәртлерин яки оларды қорғаў талапларын бузыў
Жер, жер асты байлықларынан пайдаланыў шәртлерин ямаса оларды қорғаў талапларын бузыў аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

1971-статья. Суўғарылатуғын жерлерди өз басымшалық пенен ийелеп алыўға жол қоймаў бойынша шаралар көрмеў
Суўғарылатуғын жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыўға жол қоймаў бойынша, сондай-ақ жер участкасы өзбасымшалық пенен ийелеп алынғанлығы факты ҳаққында ўакилликли органларды хабардар етпеў бойынша жер ийеси, жерден пайдаланыўшы ямаса ижарашы тәрепинен шаралар көрмеў, сондай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) тәкираран;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының төрт жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Биринши рет жынаят ислеген шахс, егер ол өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкасының қайтарылыўын тәмийинлесе ҳәм де өзбасымшалық менен ийелеп алыўдың ақыбетлерин дүзетсе, жуўапкершиликтен азат етиледи.

198-статья. Егисликлерди, орманларды, тереклерди ямаса басқа өсимликлерди зыянландырыў яки набыт қылыў
Өртке абайсызлық пенен мунәсебетте болыў нәтийжесинде егисликлерди, орманларды, тереклерди ямаса басқа өсимликлерди зыянландырыў яки набыт қылыў көп муғдарда зыян келтирилиўине ямаса басқаша аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Орманларды, тереклерди ямаса басқа өсимликлерди нызамға қылап түрде кесиў көп муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық сааттан үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылдан еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Егисликлерди, орманларды, тереклерди ямаса басқа өсимликлерди қасттан зыянландырыў, заялаў, набыт қылыў көп муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз елиў есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Келтирилген материаллық зыянның орны үш есе муғдарында қаплаған жағдайда, еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   86   87   88   89   90   91   92   93   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling