Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet88/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

19212-статья.Пул қаржларын нызамға қылап түрде өткериў ямаса алып қойыў яки оларды ўақытында қайтармаў
Исбилерменлик субъектлериниң банк есапбетлеринен пул қаржларын олардың разылығысыз нызамға қылап түрде өткериў ямаса алып қойыў яки артықша өндирилген пул қаржларын ўақытында қайтармаў талан-тараж етиў белгилери бар болмаған жағдайда, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесиен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен бес жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылдан үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ;
б) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының бес жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылдан үш жылға шекем белгиленген ҳуқықтан айырып, бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Келтирилген материаллық зыянның орны қаплаған жағдайда еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў формасындағы жаза қолланылмайды.
ТӨРТИНШИ БӨЛИМ
ЭКОЛОГИЯ ТАРАЎЫНДАҒЫ ЖЫНАЯТЛАР

ХIV БАП. ҚОРШАҒАН ОРТАЛЫҚТЫ ҚОРҒАЎ ҲӘМ ТӘБИЯТТАН ПАЙДАЛАНЫЎ ТАРАЎЫНДАҒЫ ЖЫНАЯТЛАР

193-статья. Экология қаўипсизлигине тийисли нормалар ҳәм талапларды бузыў
Санаат, энергетика, транспорт, коммунал хызмет, агросаноат, илим-пән объектлери яки басқа объектлерди жойбарлаў, жайластырыў, қурыў ҳәм иске түсирип пайдаланыў нормалари ҳәм қағыйдаларының лаўазымлы шахс тәрепинен бузылыўы яки мәмлекет комиссиясының ағзалары тәрепинен бул объектлерди норматив ҳүжжетлерде белгиленген қағыйдаларды бузып қабыл етилиўи инсанның өлими, адамлардың ғалабалық түрде кеселлениўи, экологияға унамсыз тәсир ететуғын дәрежеде қоршаған орталықтың өзгерип кетиўине яки басқаша аўыр ақыбетлердиң келип шығыўына себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling