Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
1924-статья Исбилерменлик субъектлерин қәўендерликке ҳәм басқа шараларға мәжбурий қосыў
Қадағалаўшы, ҳуқықты қорғаўшы ҳәмде тағы басқа мәмлекет органының ҳәм мәмлекет шөлкеминиң лаўазымлы шахсы ямаса хызметкери тәрепинен исбилерменлик субъектлерин пул қаржларын ҳәмде тағы басқа материаллық қымбатлықларды ажыратыў менен байланыслы қәўендерликке ҳәм басқа илажларға мәжбурий қосыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Келтирилген материаллық зыянның орны қаплаған жағдайда еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды. 1925-статья. Лицензиялаў ҳаққындағы нызамшылықты ҳәм рухсат бериў тәртиплери ҳаққындағы нызамшылықты бузыў Лицензия ҳәм рухсат етиў сыпатына ийе басқа ҳүжжетлерди бериўдиң белгиленген тәртиби ҳәм де мүддетлерин бузыў, сондай-ақ лицензиялардың ҳәм рухсат бериў тәртиплериниң жаңа түрлерин нызамға қылап түрде енгизиў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, — Белгили ҳуқықтан айырып, базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. Усы ҳәрекетлер: а) оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ; б) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп әмелге асырылған болса, — базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. 1926-статья. Жеңилликлер ҳәм преференцияларды қоллаўды нызамсыз түрде бийкарлаў, қоллаўға тосқынлық етиў Исбилерменлик субъектлерине берилген жеңилликлер ҳәм преференцияларды қоллаўды нызамсыз түрде бийкарлаў, қолламаў ямаса қоллаўға тосқынлық етиў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. Усы ҳәрекетлер: а) оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда б) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса белгили ҳуқықтан айырып, бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling