Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья.Нызамсыз исбилерменлик искерлиги


Download 340.7 Kb.
bet81/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   77   78   79   80   81   82   83   84   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

188-статья.Нызамсыз исбилерменлик искерлиги
Исбилерменлик искерлигин мәмлекет дизиминен өтпестен оғада көп муғдардағы қадағаланбайтуғын дәрамат алған ҳалда әмелге асырыў, —
үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырып, базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Биринши рет жынаят ислеген шахс, егер ол жынаят анықланған күннен баслап отыз күнлик мүддетте салықлар ҳәм жыйымлар формасында мәмлекетке келтирилген зыянның орнын ықтыярый түрде қоплаған, исбилерменлик субъектиниң дизимнен өткерилиўин тәмийинлеген ҳәм зәрүр болған рухсат беретуғын ҳүжжетлерди рәсмийлестирген болса, жуўапкершиликтен азат етиледи.

1881-статья. Пул қаржларын ҳәм (яки) басқа мал-мулкти тартыўға тийисли нызамға қылап искерлик
Мүлкий мәп бериў бойынша миннетлеме алыў жолы менен физикалық ҳәм юридикалық шахслардың пул қаржларын ҳәм (яки) басқа мал-мүлкти тартыўға тийисли нызамға қылап искерликти әмелге асырыў ҳәм бунда алдын алынған миннетлемени физикалық ҳәм юридикалық шахслардың жаңа қосылған пул қаржлары ҳәм (яки) басқа мал-мүлкти есабынан орынлаў, сондай-ақ бундай искерликке басшылық етиў ҳәмде сондай искерлик көрсетилиўин тәмийинлеў, сондай-ақ усы искерликте қатнасыўға тартыў мақсетинде бул искерликти реклама қылыў, сондай-ақ ғалаба хабар қуралларыннан яки телекоммуникация тармақларынан, сондай-ақ Интернет жәҳән ахпарат тармағынан пайдаланған ҳалда реклама қылыў —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Мүлкий мәп бериў бойынша миннетлеме алыў жолы менен физикалық ҳәм юридикалық шахслардың пул қаржларын ҳәм (ямаса ) басқа мал-мүлкти қосыўға тийисли нызамға қылап искерликти әмелге асырыў ҳәм бунда алдын алынған миннетлемени физикалық ҳәм юридикалық шахслардың жаңа қосылған пул қаржлары ҳәм (ямаса ) басқа мал-мүлки есабынан орынлаў, сондай-ақ бундай искерликке басшылық етиў ҳәм сондай искерлик көрсетилиўин тәмийинлеў:
а) көп муғдарда ;
б) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип;
г) ғалаба хабар қуралларындан яки телекоммуникация тармақларынан, сондай-ақ Интернет жәҳән ахпарат тармағыннан пайдаланып исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен бес жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған қылмыслар:
а) оғада көп муғдарда ;
б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   77   78   79   80   81   82   83   84   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling