Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Мәмлекет органының, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемдиң яки пуқаралар өзин-өзи басқарыў органының хызметкерин пара есесине аўдырып алыў


Download 340.7 Kb.
bet98/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   94   95   96   97   98   99   100   101   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

213-статья. Мәмлекет органының, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемдиң яки пуқаралар өзин-өзи басқарыў органының хызметкерин пара есесине аўдырып алыў
Мәмлекет органының, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемниң ямаса пуқаралар өзин-өзи басқарыў органының хызметкерин усы хызметкердиң өз хызмет ўәкиллигинен пайдаланған ҳалда ислеўи керек ямаса мүмкин болған арнаўлы бир ҳәрекетти оны пара есесине өзине аўдырып алып атырған шахс мәплерин гөзлеп орынлаўы ямаса орнынамаў нызамға қылап екенлигин биле турып, материаллық қымбатлықлар бериў ямаса оны мүлкий мәпдар етиў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер әдеўир муғдарда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран, қәўипли рецидивист ямаса алдын усы Кодекстиң 210 — 212-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен;
б) көп муғдарда ;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) оғада көп муғдарда ;
б)шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп әмелге асырылған болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Егер материаллық қымбатлықлар берген ямаса мүлкий мәпдар еткен шахсқа материаллық қымбатлықлар ямаса мүлкий мәп сорап таўламашылық етилген болса ҳәм бул шахс жынайый ҳәрекетлер әмелге асырылғанынан кейин бул ҳаққында отыз күн ишинде өз ықтыяры менен арыз етсе, шын кеўилден пушайман болып, жынаятты ашыўда белсенди жәрдем берген болса, ол жуўапкершиликтен азат етиледи.
214-статья. Мәмлекет органы, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы хызметкериниң нызамға қылап түрде материаллық қымбатлықлар алыўы ямаса мүлкий мәпдар болыўы
Мәмлекет органы, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы хызметкериниң өз хызмет ўәкиллигинен пайдаланған ҳалда орынлаўы керек ямаса мүмкин болған арнаўлы бир ҳәрекетти оны пара орнына өзине аўдырып алып атырған шахс мәплерин гөзлеп орынлаўы ямаса орынламаўын орнына нызамға қылап екенлигин биле турып, материаллық қымбатлықлар алыўы ямаса мүлкий мәпдар болыўы, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин ислеген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) әдеўир муғдарда ;
б) таўламашылық пенен исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран, қәўипли рецидивист ямаса алдын Кодекстиң 210 — 212-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен;
б) көп муғдарда ;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
г) исбилерменлик искерлигин әмелге асырыўы мүнәсебети менен шахсқа таўламашылық пенен исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) оғада көп муғдарда ;
б) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп ислеген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   94   95   96   97   98   99   100   101   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling