226 -статья. Ҳәкимшилик қадағалаў қағыйдаларын бузыў
Үстинен хәкимшилик қадағалаў орнатылған шахстың ҳәкимшилик қадағалаў қағыйдаларын бузыўы, усы шахсқа сондай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем еркин шеклеў яки еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Ҳәкимшилик қадағалаў қағыйдаларын бузыў :
а) ҳәкимшилик қадағалаўдан бас тартыў мақсетинде өз жасаў орнын өзбасымшалық менен тастап кетиў;
б) ҳәкимшилик қадағалаў еркинен айырыў орынларынан азат етиў ўақтында шахсқа қарата орнатылған болып, ол өзи таңлаған жасаў орнына кеширимли себеплерсиз арнаўлы бир мүддетте жетип келмеўи себепли исленген болса, —
еки жылдан төрт жылға шекем еркин шеклеў яки еки жылдан төрт жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
227-статья. Ҳүжжетлер, штамплар, мөрлер, бланклерди, автомототранспорт қурылмаларының ҳәм олар тиркемелериниң (ярым тиркемелериниң) мәмлекет номер белгилерин ийелеў, набыт қылыў, оларға зыян келтириў ямаса оларды жасырыў
Кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлердиң қатаң есабындағы ҳүжжетлер, штамплар, мөрлер, бланклерди, сондай-ақ автомототранспорт қурылмаларының ҳәм олар тиркемелериниң (ярым тиркемелериниң) мәмлекет номер белгилерин ийелеў, сондай-ақ оларды набыт қылыў, оларға зыян келтириў, оларды жасырыў дәмегөйлик ямаса басқа пәс нийетлерде исленген болса.
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) паспорт ямаса идентификациялайтуғын ИД-карта, әскерий билет ямаса басқа зәрүрли жеке ҳүжжетлерге яки оғада зәрүрли әҳмийетке ийе болған ҳүжжетлер, штамплар, мөрлер, бланклерге қарата исленген болса ;
б) аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |