215-статья. Мәмлекет нишанларина ҳүрметсизлик етиў
Өзбекстан Республикасы яки Қарақлалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағына, Мәмлекетлтк гербине ямаса Мәмлекетлик гимнине ҳүрметсизлик қылыў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
216-статья. Жәмйетлик бирлеспелери яки диний шөлкемлерди нызамға қылап түрде дүзиў
Нызамсыз жәмийетлик бирлеспелери яки диний шөлкемлерди нызамға қылап түрде дүзиў ямаса олардың искерлигин қайта тиклеў, сондай-ақ бундай бирлеспелер ямаса шөлкемлер искерлигинде белсенди қатнасыў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
2161-статья. Нызамға қылап жәмийетлик бирлеспелери ҳәм диний шөлкемлер искерлигинде қатнасыўға тартыў
Өзбекстан Республикасында нызамсыз жәмийетлик бирлеспелери ҳәм диний шөлкемлер, ағымлар, секталар искерлигинде қатнасыўға тартыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер ер жетпеген шахсқа қарат исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады
2162-стаья. Диний шөлкемлер ҳаққындаағы нызамшылықты бузыў
Нызамсыз диний искерлик пенен шуғылланыў, диний шөлкемлер басшыларының усы шөлкемлер уставы дизимнен өткериўден бас тартыўы, дин ғайраткерлер ҳәм диний шөлкемлер ағзалары тәрепинен балалар ҳәм өспиримлердиң арнаўлы жыйналыслары, сондай-ақ диний дәстүрге байланысы болмаған мийнет, әдебият ҳәм басқа ҳәр қыйлы дөгереклер ҳәм де топарларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў, сондай қылмыслар ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Бир конфессияға тийисли диндарларды басқасына киргизиўге қаратылған ҳәрекетлер (прозелитизм) ҳәм басқа миссионерлик искерлиги, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |