207-статья. Лаўазымға немқурайлық пенен қараў
Лаўазымға немқурайлық пенен қараў, яғный мәмлекет органы, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы лаўазымлы шахсының өз ўазыйпаларына бийпарўалық ямаса ҳүждансизларша мунәсебетте болыўы ақыбетинде оларды орынламаў ямаса лазым дәрежеде орынламаў пуқаралардың ҳуқықларына ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерине яки мәмлекет ямаса жәмийетлик мәплерине көп муғдарда зыян яки аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыс денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыслар :
а) адам өлиўине;
б) нәшебентлик затлары, олардың аналоглари ҳәм психотроп затлардың көп муғдарда Өзбекстан Республикасы мәмлекет ямаса бажыхана шегаралары арқалы нызамға қылап түрде алып өтилиўине себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
208-статья. Ҳәкимят ҳәрекетсизлиги
Ҳәкимят ҳәрекетсизлиги, яғный мәмлекет органы лаўазымлы шахсының өз хызмет ўазыйпасы шегерасында орынлаўы керек ямаса мүмкин болған ҳәрекетлерди қасттан орынламаўы пуқаралардың ҳуқықларына ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерине яки мәмлекет ямаса жәмийетлик мәплерине көп муғдарда зыян яки аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, тап сондай-ақ бундай ҳәрекетсизлиги жынаятқа жол қойған ҳалда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |