202-статья. Ҳайўанат ямаса өсимлик дүньясынан пайдаланыў тәртибин бузыў
Аңшылық ҳәм балықшылық ямаса ҳайўанат дүньясының басқа түрлерин услаў қағыйдаларын бузыў, сийрек ушырасатуғын ҳәм жоғалып баратырған ҳайўан түрлерин тутыўдың яки жабайы ҳалда өсиўши өсимликлердиң дәрўар, азықлық ҳәм тәбият көринисили (декоратив) түрлерин жыйнаў ямаса таярлаўдың белгиленген тәртибин яки шәртлерин, тап соның менен бирге қорғалатуғын тәбийий аймақлардағы ҳайўанат ямаса өсимлик дүньясынан пайдаланыў тәртибин бузыў әдеўир муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыслар :
а) көп муғдарда зыян жеткезген ҳалда ;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан төрт жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыслар :
а) қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) шахстың өз хызмет дәрежесинен пайдаланып ;
в) жерде, суўда ямаса ҳаўада ислетилетуғын механизацияластырылган қураллардан пайдаланып ;
г) қадаған етилген қуралларды ямаса қуралларды қоллаған ҳалда ;
д)шөлкемлескен топар тәрепинен;
е) оғада көп муғдарда зыян келтирилген ҳалда ;
ж) Өзбекстан Республикасының Қызыл китапына киритилген ҳайўанат ямаса өсимлик дүньясы түрлерин набыт еткен ҳалда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының төрт жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Келтирилген материаллық зыянның орны үш есе муғдарда, Өзбекстан Республикасының Қызыл китапына киритилген сийрек ушырасатуғын ҳәм жоғалып баратырған ҳайўанат ҳәм де өсимлик дүньясы түрлерине келтирилген зыянның орны болса бес есе муғдарда қаплаған тәғдирде, еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды.
Do'stlaringiz bilan baham: |