Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


ХV БАП. БАСҚАРЫЎ ТӘРТИБИНЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР


Download 340.7 Kb.
bet94/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   90   91   92   93   94   95   96   97   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

ХV БАП. БАСҚАРЫЎ ТӘРТИБИНЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР

205-статья. Ҳәкимят яки лаўазым ўәкиллигинен пайдаланып қыянет етиў

Ҳәкимиятты яки лаўазым ўәкиллигинен пайдаланып қыянет етиў яғный мәмлекет органы, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы лаўазымлы шахсының өз лаўазым ўәкилликлеринен қасттан пайдаланыўы пуқаралардың ҳуқықларына ямаса нызам менен қорғаўлатуғын мәплерине яки мәмлекет ямаса жәмийетлик мәплерине көп муғдарда зыян яки аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —


базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан еки жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ;
б) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айырып, еки жылдан бес жылға шекем еркинликти шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

206-статья. Ҳәкимят ямаса лаўазым ўәкиллиги шегерасынан шетке шығыў
Ҳәкимят яки лаўазым ўәкиллиги шегерасынан шетке шығыў, яғный мәмлекет органы, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы лаўазымлы шахсының өзине нызам менен берилген ўәкилликлер шегерасынан шетке шығыў ҳәрекетлерди қасттан ислеўи, пуқаралардың ҳуқықларына ямаса нызам менен қорғаўлатуғын мәплерине яки мәмлекет ямаса жәмийетлик мәплерине көп муғдарда зыян яки аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан еки жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ;
б) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айырып, еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   90   91   92   93   94   95   96   97   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling