Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
- Bu sahifa navigatsiya:
- 210 -статья. Пара алыў
209 -статья. Лаўазым қәлбекилилиги
Лаўазым қәлбекилилиги яғный мәмлекет органы, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы лаўазымлы шахсының дәмегөйлик ямаса басқа мәплерди гөзлеп рәсмий ҳүжжетлерге биле турып жалған мағлыўматлар ҳәм жазыўлар киргизиўи, ҳүжжетлерди қәлбекилестириў ямаса биле турып жалған ҳүжжетлер дүзиўи ҳәм усыныўы пуқаралардың ҳуқықларына ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерине яки мәмлекет ямаса жәмийетлик мәплерине аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, — базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан еки жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы ҳәрекет: а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен; б) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырып, еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. 210 -статья. Пара алыў Пара алыў, яғный мәмлекет органы, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы лаўазымлы шахсының өз хызмет ўәкиллигинен пайдаланған ҳалда ислеўи керек ямаса мүмкин болған белгили бир ҳәрекетти пара берип атырған шахстың мәплерин гөзлеп орынлаўы ямаса орынламаўы есесине жеке өзи ямаса дәлдалшы арқалы нызамға қылап екенлигин биле турып, материаллық қымбатлықлар алыўы яки мүлкий мәпдар болыўы, — базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айрылып еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Пара алыў : а) тәкираран, қәўипли рецидивист ямаса илгери усы Кодекстиң 211 ямаса 212-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен; б) көп муғдарда ; в) таўламашылық жолы менен; г) бир топар лаўазымлы шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса, — бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Пара алыў : а) оғада көп муғдарда ; б) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп исленген болса, — он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling