Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
- Bu sahifa navigatsiya:
- 212-статья. Пара алыў-бериўде дәлдалшылық етиў
211-стаья. Пара бериў
Пара бериў, яғный мәмлекет органы, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы лаўазымлы шахсына усы лаўазымлы шахстың өз хызмет ўәкиллигинен пайдаланған ҳалда ислеўи керек ямаса мүмкин болған арнаўлы бир ҳәрекетти пара берген шахстың мәплерин гөзлеп орынлаўы ямаса орынламаўы есесине нызамға қылап екенлигин биле турып тиккелей ямаса дәлдалшы арқалы материаллық қымбатлықлар бериў ямаса оны мүлкий мәпдар етиў, — базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Пара бериў: а) тәкираран, қәўипли рецидивист ямаса алдын усы Кодекстиң 210 ямаса 212-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен; б) көп муғдарда ислеген болса, — бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Пара бериў: а) оғада көп муғдарда ; б) шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп исленген болса, — он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Егер, шахсқа таўламашылық жолы менен пенен исленген болса ҳәм бул шахс жынайый ҳәрекетлер ислегенен кейин бул ҳаққында отыз күн даўамында өз ықтыяры менен арыз етсе, шын кеўилден пушайман болып, жынаятты ашыўда белсенди жәрдем берген болса, ол жуўапкершиликтен азат етиледи. 212-статья. Пара алыў-бериўде дәлдалшылық етиў Пара алыў-бериўде дәлдалшылық етиў, яғный пара алыў ямаса бериў ҳаққында келисимге ерисиўге қаратылған искерлик, сондай-ақ мәпдар шахслардың тапсырмасы менен параны тиккелей бериў, — базалық есаплаў муғдарының еллиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы ҳәрекет: а) тәкираран, қәўипли рецидивист ямаса алдын усы Кодекстиң 210 ямаса 211-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен; б) көп муғдарда пара алыў ямаса бериў ўақтында ; в) бир топар лаўазымлы шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип пара алып атырғанлығы дәлдалшына белгили болған ҳалда исленген болса, — бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Пара алыў-бериўде дәлдалшылық етиў : а) ҳақ есесине ; б) оғада көп муғдарда пара алыў ямаса бериў ўақтында ; в)шөлкемлескен топар мәплерин гөзлеп исленген болса, он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Егер, пара алыў-бериўде дәлдалшылық еткен шахс жынайый ҳәрекетлерди ислегеннен кейин бул ҳаққында отыз күн даўамында өз ықтыяры менен арыз етсе, шын кеўилден пушайман болып, жынаятты ашыўда белсенди жәрдем берген болса, жуўапкершиликтен азат етиледи. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling