217-статья. Жыйналыслар, митинглер, көше жүрислери ямаса демонстрациялар шөлкемлестириў, өткериў тәртибин бузыў
Жыйналыслар, митинглер, көше жүрислери ямаса демонстрациялар шөлкемлестириў яки өткериў тәртибин олардың шөлкемлестириўшиси тәрепинен бузыў сондай ҳәрекетлери ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Диний жыйналыслар, көше жүрислери ҳәм басқа диний дәстүрлер өткериў қағыйдаларын бузыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
218-статья. Қадаған етилген ис таслаўға басшылық етиў ямаса айрықша жағдай шәраятында кәрхана, мәкеме яки шөлкемлер жумысына тосқынлық етиў
Қадаған етилген ис таслаўға басшылық етиў, сондай-ақ, айрықша жағдай шәраятында кәрхана, мәкеме яки шөлкемлер жумысына тосқынлық етиў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
219-статья. Ҳәкимят ўәкилине ямаса пуқаралық миннетин орынлап атырған шахсқа қарсылық көрсетиў
Қарсылық көрсетиў, яғный хызмет ўазыйпасын орынлап атырған ҳәкимят ўәкилиниң нызамлы искерлигине ямаса пуқаралық миннетин атқарап атырған шахсқа белсенди қарсылық көрсетиў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши бөлминде көрсетилген шахсларды қандай көринистеги өзиниң хызмет ўазыйпасын орынлаў ямаса пуқаралық миннетин орынлаўдан ўаз кешиўге, сондай-ақ нызамға қылап ҳәрекетлер ислеўге мәжбүрлеў —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |