Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


ХVI БАП. ӘДИЛ СУДЛАЎҒА ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР


Download 340.7 Kb.
bet108/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   104   105   106   107   108   109   110   111   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

ХVI БАП. ӘДИЛ СУДЛАЎҒА ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР

230 -статья. Айыпсыз адамды жуўапкершиликке тартыў
Сорастырыўшы, тергеўши яки прокурор тәрепинен айыпсызлығы белгили болған шахсты жәмийетлик қәўипли қылмысты ислегенликте айыплап жуўапкершиликке тартыў —
еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет аўыр ямаса оғада аўыр жәмийетлик қәўипли қылмыс ислегенликте айыпланып —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

2301 статья. Дәлиллерди қәлбекилестириў
Дәлилеўди әмелге асырып атырған шахслар ямаса дәлиллеўде қатнасыў ушын таярлап атырған шахслар тәрепинен дәлиллердиң тергеўге шекем тексериў ҳәм жынаят ислери материаллары бойынша дәлиллерди топлаў, тексериў ҳәм баҳалаў сыяқлы ғәрезли яки басқа пәс нийетлерде ҳүжжетлерге яки буйымларға биле турып жалған мағлыўматларды киргизиўде ҳәм басқаша бурмалап көрсетиўде көринетуғын қәлбекилестириў —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса ;
б) шахсты услап турыўға, қамаўға, жынайый жуўапкершиликке тартыўға ямаса жынайый жуўапкершиликтен азат етиўге, ҳүким етиўге яки ақлаўға себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Аўыр ямаса оғада аўыр жынаят ҳаққындағы жынайый иси бойынша дәлиллерди қәлбекилестириў, сондай-ақ дәлиллерди қәлбекилестириў аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

2302-статья. Оператив-қыдырыў искерлиги нәтийжелерин қәлбекилестириў
Жынаятты ислеўге байланысы жоқ екенлиги алдынан белгили болған шахсты жынайый тәқип етиў мақсетинде яки шахстың қәдир қымбатына ҳәм искерлик абыройына зыян келтириў мақсетинде оператив-қыдырыў искерлиги нәтийжелерин оператив-қыдырыў шараларын әмелге асырыўға ўәкилликли шахслар тәрепинен қәлбекилестириў —.
базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айырып, бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыслар ахпаратты жасырын алыў ушын мөлшерленген арнаўлы техника қуралларыннан пайдаланып исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айрыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   104   105   106   107   108   109   110   111   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling