233-статья. Бәнт салынған мулкти нызамға қылап түрде ийелеў
Бәнт салынған мулкти нызамға қылап түрде ийелеў, яғный бәнт салынған яки гиреўге қойылған мулкти исенип тапсырып қойылған шахс тәрепинен нызамға қылап түрде өзлестириў, растрата қылыў, жасырыў, набыт қылыў ямаса оған зыян жеткизиў әдеўир муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, сондай-ақ банк ямаса басқа кредит шөлкеми жумысшысы тәрепинен бәнт салынған пул қаржлары (аманатлары ) менен банк операцияларын әмелге асырыў, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айрыў менен жазаланады.
Келтирилген материаллық зыян үш есе муғдарында қапланған жағдайда, еркин шеклеў ҳәм еркин айырыў жазасы қолланылмайды.
234-статья. Нызамға қылап түрде услап турыў яки қамаққа алыў
Биле турып, нызамға қылап түрде услап турыў, яғный тергеўге шекем тексериўди әмелге асырыўшы органның лаўазымлы шахсы, сорастырыўшы, тергеўши яки прокурор тәрепинен нызамлы тыйкарға ийе болмаған ҳалда шахс еркинлигиниң қысқа мүддетке шеклениўи —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылға шекем еркин шеклеў яки бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Биле турып, нызамға қылап түрде қамаққа алыў яки қамақта сақлаў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
235-статья. Қыйнаўға салыў ҳәм басқа да аяўсыз адамгершиликсиз яки қәдир-қымбатты кемситиўши қатнас жасаў ҳәм жазалаў түрлерин қолланыў
Қыйнаўға ҳәм басқада аяўсыз адамгершиликсиз яки қәдир-қымбатты кемситиўши қатнас жасаў ҳәм жазалаў түрлерин, яғный ҳәкимшилик қамаққа алынған шахсқа, сондай-ақ гүманланыўшы, айыпланыўшы, судланыўшыға, судланған шахсқа, гүўаға, жәбирлениўшиге, жынаят процессиниң басқа қатнасыўшысына яки олардың жақын туўсқанларына олардан ямаса басқа үшинши шахстан қандайда бир-бир ахпарат алыў, жынаят ислеўди тән алыў мақсетинде, оларды ислеген қылмыс ушын өзбасымшалық пенен жазалаў яки қандайда бир-бир ҳәрекетти ислеўге мәжбүрлеў мақсетинде ҳуқықты қорғаўшы органның ямаса басқа мәмлекет органының жумысшысы тәрепинен яки оның дәлалатшылығында яки хабардарлығында яки индемей берген разылығы менен басқа шахслар тәрепинен қорқытыў, урыў, сабаў, қыйнаў, азап бериў жолы менен ямаса нызамға қылап басқа ҳәрекетлер жардеминде исленген нызамға қылап руўхый, психологиялық, физикалық басым өткериў ямаса басқаша тәрзде басым өткериў, —
белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) өмир ҳәм денсаўлық ушын қәўипли болған зорлықты қоллаған ҳалда яки сондай зорлықты қоллаў қәўипи менен;
б) миллий, рассалық, диний ямаса жәмийетлик кемситиўге тийкарланған ҳәр қандай себеп бойынша ;
в) бир топар шахслар тәрепинен;
г) тәкираран;
д) әззи шахсқа яки нашар жағдайдағы шахсқа, ер жетпеген шахсқа яки ҳәмледарлығы айыпкерге белгили болған ҳаялға ;
е) еки ямаса одан артық шахсқа;
ж) өмирине ҳәм денсаўлығына зыян келтирилиўи мүмкин болған буйымлар қолланып;
з) дәлиллерди қәлбекилестириў мақсетинде исленген болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер денеге аўыр зыян келтирилиўине яки басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айыры жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |