Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Сорастырыў яки дәслепки тергеў мағлыўматларын ашкаралаў


Download 340.7 Kb.
bet112/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   108   109   110   111   112   113   114   115   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

239-статья. Сорастырыў яки дәслепки тергеў мағлыўматларын ашкаралаў
Сорастырыў яки дәслепки тергеў мағлыўматларын сорастырыўшы, тергеўши ямаса прокурордың рухсатысиз ашкаралаў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

240-статья. Жынаят процеси қатнасыўшысыларының өз ўазыйпасын орынлаўдан бас тартыў
Тергеўге шекем тексериў, сорастырыў алып барыў, дәслепки тергеў ўақтында ямаса судта гүўа яки жәбирлениўшиниң көрсетпе бериўди яки экспертиң жуўмақ бериўден бас тартыўы яки бул истен мойын таўлаў—
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары менен жазаланады.
Гүмандар, айыпланыўшы яки судланыўшының жақын туўысқанлары гүўалық көрсетпе бериўди қәлемегенлиги яки буннан бас тарытқанлығы ушын, сондай-ақ гүўа өзине қарсы көрсетпе бериўди бийкарлағанда жуўапкершиликке тартылмайды.

241-статья. Жынаят ҳаққында хабар бермеў ямаса оны жасырыў
Таярлық көрилип атырылған яки исленген аўыр ямаса оғада аўыр жынаят ҳаққында анық билген жағдайда хабар бермеў—
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Аўыр ямаса оғада аўыр жынаятларды алдынан ўәде берместен жасырыў —
базалық есаплаў муғдарының жетпис бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


2411-статья. Жынаятты есапқа алыўды қасттан жасырыў
Жынаятлар ҳаққындағы арзалар, хабарлар ҳәм басқа мағлыўматларды қабыллаў, дизимнен өткериў ямаса көрип шығыў хызмет ўазыйпаларына киретуғын лаўазымлы шахстың жынаятты есапқа алыўды қасттан жасырыўы, —
еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) тәкираран исленген болса ;
б) бир топар шахслар тәрепинен исленген болса
в) аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   108   109   110   111   112   113   114   115   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling