Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet114/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   110   111   112   113   114   115   116   117   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

2441-статья. Жәмийетлик қаўипсизлик ҳәм жәмийетлик тәртипке қәўип туўдыратуғын материалларды таярлаў, сақлаў, тарқатыў яки көрсетиў

Диний экстремизм, сепаратизм ҳәм ҳәр түрли ақыйдапарастлық идеялары негизинде, қырғын салыўға ямаса пуқараларды зорлық пенен көширип жибериўге шақыратуғын яки халық арасында қорқыныш туўдырыўға қаратылған материалларды таярлаў ямаса оларды тарқатыў мақсетинде сақлаў, сондай-ақ диний-экстремистик, терроршылық шөлкемлериниң атрибутларын ямаса рәсмий белгилерин тарқатыў яки көрсетиў мақсетинде таярлаў, сақлаў


базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айрыў менен жазаланады.
Диний экстремизм, сепаратизм ҳәм ақыйдапарастлық идеялары негизинде, қырғын салыўға ямаса пуқараларды зорлық пенен көширип жибериўге шақыратуғын яки халық арасында қорқыныш туўдырыўға қаратылған материаллар ҳәм мағлыўматларды ҳәр қандай формада тарқатыў, сондай-ақ пуқаралар татыўлығын бузыў, жалған, жағдайды турақсызландырыўшы жалалар тарқатыў ҳәм де жәмийетлик қарар тапқан минез-қулық қағыйдаларына ҳәм жәмийетлик қаўипсизлигине қарсы қаратылған басқа да қылмысларды ислеў мақсетинде диннен пайдаланыў, сондай-ақ диний-экстремистик, терроршылық шөлкемлериниң атрибутларын ямаса рәсмий белгилерин тарқатыў яки көрсетиў —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде көрсетилген ҳәрекетлер:
а) алдынан тил бириктирип яки бир топар шахслар тәрепинен;
б) хызмет дәрежесинен пайдаланып ;
в) диний шөлкемлерден, сондай-ақ сырт ел хүкиметлери, шөлкемлери ҳәм пуқараларынан алынған финанслық ямаса басқа материаллық жәрдемнен пайдаланып ;
г) ғалаба хабар қуралларыннан яки телекоммуникация тармақларынан, сондай-ақ Интернет жәҳән информация тармағыннан пайдаланып исленген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   110   111   112   113   114   115   116   117   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling