Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
2445-статья. Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер тарқалыўы ҳаққында ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын мағлыўматларды тарқатыў
Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы ҳәм де тарқалыўы шәраятында карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер тарқалыўы ҳаққында ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын мағлыўматларды тарқатыў, — базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген мағлыўматларды ашкаралаў ямаса басқаша усылда көбейтирилген текстте ямаса ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ Интернет пүткил дунья информация тармағы арқалы тарқатыў — базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. 2446-статья. Жалған ахпарат тарқатыў Шахстың қәдир-қымбаты кемситилиўине ямаса оның абыройсызландырыўына алып келетуғын жалған ахпаратты тарқатыў, сондай-ақ ғалаба хабар қуралларында, телекоммуникация тармақларында ямаса Интернет жәҳән ахпарат тармағында тарқатыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылға шекем еркин шеклеў менен жазаланады. Жәмийетлик тәртибине ямаса қаўипсизлигине қәўип салыўшы жалған информацияны тарқатыў, сондай-ақ ғалаба хабар қуралларында, телекоммуникация тармақларында ямаса Интернет жәҳән ахпарат тармағында тарқатыў, усы Кодекстиң 2441 -статьясында нәзерде тутылған жынаят белгилери болмаған жағдайда, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылға шекем еркин шеклеў менен жазаланады. Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер: а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен; б) көп муғдарда зыян жеткезген ҳалда исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў менен жазаланады. Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлимнде нәзерде тутылған ҳәрекетлер: а) ғалабалық ис-илажлар дәўринде ямаса айрықша жағдайларда ; б) оғада көп муғдарда зыян келтирген ямаса басқа аўыр ақыбетлерге себеп болған ҳалда ; в) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў менен жазаланады. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling