245-статья Шахсты гиреў сыпатында тутқынлыққа алыў
Гиреў сыпатында тутқунлыққа алынған шахсты азат етиў шәрти менен мәмлекеттен, халық аралық шөлкемнен, физикалық ямаса юридикалық шахстан қандайда-бир ҳәрекет ислеў ямаса қандайда-бир ҳәрекет ислеўден өзин тыйып турыўды талап етиў мақсетинде шахсты гиреў сыпатында тутқунлыққа алыў ямаса тутқунлықта услап турыў, усы Кодекстиң 155, 165-статьяларында нәзерде тутылған белгилер болмаса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер;
а) ер жетпеген шахсқа қарата ;
б) еки ямаса одан артық шахсқа исленген болса ;
в) аўыр ақыбетлер келип шығыўына себеп болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
246 -статья. Контрабанда
Контрабанда, яғный бажыхана қадағалаўын шетлеп ямаса бажыхана қадағалаўынан жасырнып яки бажыхана ҳүжжетлери ямаса қуралларына уқсатып жасалған ҳүжжетлерден алдаў жолы менен пайдаланып, декларациясыз ямаса басқа атқа жазылған декларациядан пайдаланып, күшли тәсир етиўши, зәҳәрли, зәҳәрлеўши, портлайтуғын затлар, радиоактив материаллар, жарыў қурылмалары, қурал-жарақ, оқ атар қуралды, оқ-дәрилерди яки оқ атар қуралдың тийкарғы бөлимлерин, сондай-ақ нәшебентлик затлары, олардың аналоглари ямаса психотроп затларды ямаса диний экстремизм, сепаратизм, фундаментализимди үгитлеўши материалларды Өзбекстан Республикасының бажыхана шегарасынан өткериў —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Ядролық, химиялық, биологиялық ҳәм ғалабалық қырғын қуралының басқа түрлерин, сондай қуралларды жаратыўда пайдаланылыўы мүмкинлиги белгили болған материал ҳәм үскенелерди, радиоактив материалларды, сондай-ақ нәшебентлик қураллары, олардың аналоглари ямаса психотроп затларды көп муғдарда контрабанда етиў —
он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
247-статья. Оқ атар қуралды, оқ-дәрилерди, оқ атар қуралдың тийкарғы бөлимлерин, жарылғыш затларды, жарыў қураллары яки жарыў қурылмаларын нызамға қылап түрде ийелеў
Оқ атар қуралды, оқ-дәрилерди, оқ атар қуралдың тийкарғы бөлимлерин, жарылғыш затларды, жарыў қуралларын ямаса жарыў қурылмаларын ўрлаў ямаса алдаўшылық жолы менен ийелеў —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) тәкираран;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) өзлестириў, растрата қылыў яки лаўазым пайдаланып қыянет етиў жолы менен;
г) тонаўшылық ;
д) таўламашылық жолы менен исленгенн болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) басқыншылық жолы менен;
б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |