Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


ХVIII БАП . ТРАНСПОРТ ҲӘРЕКЕТИ ҲӘМ ОННАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҚӘЎИПСИЗЛИКЛИГИНЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР


Download 340.7 Kb.
bet125/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   121   122   123   124   125   126   127   128   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

ХVIII БАП . ТРАНСПОРТ ҲӘРЕКЕТИ ҲӘМ ОННАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҚӘЎИПСИЗЛИКЛИГИНЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР
260-статья. Темир жол, теңиз, дәрья ямаса ҳаўа транспортының ҳәрекети ямаса олардан пайдаланыў қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў
Транспорт қуралының ҳәрекет ямаса оннан пайдаланыў қаўипсизлиги қағыйдаларының темир жол, теңиз, дәрья ямаса ҳаўа транспортын басқарыўшы шахс тәрепинен бузылыўы денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс адам өлиўине себеп болса, —
сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адамлар өлимине;
б) апатқа ;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

2601-статья. Өзбекстан Республикасының хаўа кеңислигинен нызамға қылап түрде (рухсатсыз ) пайдаланыў
Өзбекстан Республикасының хаўа кеңислигинен нызамға қылап түрде (рухсатсыз) пайдаланыў, (буннан хаўа кеңислигинде ушыўшысыз ушатуғын аппаратлардан пайдаланыў жағдайлары тысқары ), сондай ҳәрекет ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, сондай-ақ денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекет адам өлиўине себеп болса, —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) адамлар өлимине;
б) апатқа ;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   121   122   123   124   125   126   127   128   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling