Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet133/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   129   130   131   132   133   134   135   136   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

2783-статья. Компютер системасынан, сондай-ақ телекоммуникация тармақларынан нызамға қылап түрде (рухсатсыз ) пайдаланыў ушын арнаўлы қуралларды өткериў мақсетин гөзлеп таярлаў яки өткериў ҳәм тарқатыў
Қорғалған компютер системасынан, сондай-ақ телекоммуникация тармақларынан нызамға қылап түрде (рухсатсыз ) пайдаланыў ушын арнаўлы программалық ямаса аппарат қуралларын өткериў мақсетин гөзлеп таярлаў яки өткериў ҳәм тарқатыў —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
б) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) хызмет дәрежесинен пайдаланған ҳалда ;
г) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

2784-статья. Компютер ахпаратын модификацияластырыў
Компютер ахпаратын модификацияластырыў, яғный компютер системасында сақланып атырған ахпаратты нызамға қылап түрде өзгертиў, оған зыян жеткизиў, оны өшириў, сондай-ақ биле турып оған жалған ахпарантты киргизиў пуқаралардың ҳуқықларына ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерине яки мәмлекет ямаса жәмийетлик мәплерине көп муғдарда зыян яки аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылға шекем еркин шеклеў яки еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса, —
бир жылдан еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   129   130   131   132   133   134   135   136   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling