Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
ХХ БАП. ЖӘМИЙЕТЛИК ТӘРТИПКЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
- Bu sahifa navigatsiya:
- 278-статья. Қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойынларды шөлкемлестириў ҳәм де өткериў
ХХ БАП. ЖӘМИЙЕТЛИК ТӘРТИПКЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР
277-статья. Бийзарылық Бийзарылық, яғный жәмийетте жүриў-турыс қағыйдаларын қасттан хүрметсизлик көрсетиў, урыў-сабаў, денеге жеңил жарақаст салыў яки өзгениң мүлкине зыян тийгизиў яки набыт қылыў әдеўир зыян келтириў менен байланыслы ҳалда исленсе, — базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. Бийзарылылық : а) денеге орташа аўыр зыян келтирип: б) бир топар шахслар тәрепинен; в) суўық қурал ямаса адамның денсаўлығы ушын зыян келтириўи мүмкин болған затларды (қурал ретинде) көрсетиў , оларды қоллаў менен қорқытыў ; г) өз мазмунына көре улыўма тән алынған әдеп-икрамлылық қағыйдаларын ашықтан ашық менсинбесиликте көриниўшы аса кеткен арсызлық пенен; д) жас бала, қарыя, майыплығы болған шахс ямаса әззи жағдайдағы шахсларды қорлап; е) көп муғдарда зыян келтирип, биреўдиң мүлкин набыт етип ямаса оған зыян келтирип исленген болса, — үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айрыў менен жазаланады. Бийзарылық : а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен; б) оқ атар қуралды көрсетип, оны қоллаў менен қорқытып ямаса қоллап ; в) ғалабалық илажлар өткерилип атырған ўақытта ; г) жәмийетлик тәртипти сақлаў ўазыйпасын орынлап турған ҳәкимят ўәкили ямаса жәмийетшилик ўәкилине яки бийзарылық ҳәрекетлериниң алдын алыў шарасын көрген басқа пуқараларға қарсылық көрсетип исленген болса, — үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. 278-статья. Қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойынларды шөлкемлестириў ҳәм де өткериў Қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойынларды нызамға қылап түрде шөлкемлестириў ямаса өткериў, сондай-ақ әне сондай ойынлар ушын қумарханалар шөлкемлестириў ямаса оларды сақлаў — жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы ҳәрекетлер: а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса б) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп, — жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Ер жетпген шахсты қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойынларға тартыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. Қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойынларды шөлкемлестириў ямаса өткериў ушын телекоммуникация тармақларында, сондай-ақ Интернет жәҳән информация тармағы провайдерлари тәрепинен хызметлер көрсетиў, тийисли программалық тәмийнаттан нусқа көбейтиў, оны көбейтиў, тарқатыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының елиў есесиненен жетпис бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў менен жазаланады. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling