2631-статья Ҳаўа кемасинен пайдаланыў ўақтында лазер нурын жөнелтириў арқалы иркиў
Ҳаўа кемасинен пайдаланыў ўақтында ҳаўа кемесине лазер нурын жөнелтириў арқалы иркиў, сондай ҳәрекет ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, сондай-ақ денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет адам өлиўине себеп болса, —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) адамлар өлимине;
б) апатқа ;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
264-статья. Темир жолдың ҳәрекетленетуғын қурамын, ҳаўа, теңиз ямаса дәрья кемесин алып қашыў ямаса ийелеп алыў
Темир жолдың ҳәрекетленетуғын қурамын, ҳаўа, теңиз ямаса дәрья кемесин алып қашыў ямаса ийелеп алыў —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
б) зорлық ислетип ямаса зорлық ислетиў менен қорқытып исленген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
265-статья. Халық аралық ушыў қағыйдаларын бузыў
Рухсатнамада көрсетилген ушыў жөнелисине, қоныў орынларына, ҳаўа дәрўазаларына, ушыў бийиклигине әмел етпеў ямаса халық аралық ушыў қағыйдаларын басқаша тәрзде бузыў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
266-статья. Транспорт қураллары ҳәрекети яки олардан пайдаланыў қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў
Транспорт қуралын басқарыўшы шахс тәрепинен транспорт қураллары ҳәрекети ямаса олардан пайдаланыў қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыс адам өлиўине себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адамлар өлимине;
б) апатқа ;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |