Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Мәс ҳалында шахстың транспорт қуралын басқарыўына жол қойыў


Download 340.7 Kb.
bet126/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   122   123   124   125   126   127   128   129   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

261-статья. Мәс ҳалында шахстың транспорт қуралын басқарыўына жол қойыў
Транспорт қуралынан пайдаланыў ушын жуўапкер шахстың мәс жағдайындағы ямаса нәшебентлик затлары, олардың аналоглари, психотроп затлар ямаса шахстың ақыл-жигерине тәсир көрсетиўши басқа заттлар тәсири астында болған шахсты темир жол, теңиз, дәрья, ҳаўа, автомобил транспорты ямаса басқа транспорт қуралын басқарыўына жол қойыўы денеге аўыр зыян келтириўине яки адам өлиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки белгили ҳуқықтан айырып, бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

262-статья. Транспортты оңлаў яки оны пайдаланыўға шығарыў қағыйдаларын бузыў
Оңлаў жумысларын орынлап яки транспорт қуралының техникалық жағдайы ҳәм оннан пайдаланылыўы ушын жуўапкер болған шахстың темир жол, теңиз, дәрья, ҳаўа, автомобиль ямаса басқа транспорт қуралын, байланыс жоллары, сигналызация, байланыс қураллары ямаса басқа транспорт үскенелерин сапасыз оңлаўы, сондай-ақ транспорт қуралының техника жағдайы тәрепинен бузылғанын биле турып, оны пайдаланыўға шығарыўға рухсат бериўи денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыс адам өлиўине себеп болса, —
еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адамлар өлимине;
б) апатқа ;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

263-статья. Темир жол, теңиз, дәрья, ҳаўа транспорты қуралы ямаса байланыс жолларын жарамсыз жағдайға келтириў
Темиржол, теңиз, дәрья ямаса ҳаўа транспорты қураллары, байланыс жоллары, олардағы имаратлар, сигналызация қурылмалары, байланыс ямаса басқа транспорт үскенелерин қасттан бузыў, оларға зыян келтириў яки оларды басқа усылда пайдаланыў ушын жарамсыз жағдайға келтириў денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет адам өлиўине себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) адамлар өлимине;
б) апатқа ;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   122   123   124   125   126   127   128   129   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling