Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
2785-статья. Компютер саботажи
Өзиниң компютер үскенесин ямаса хызметте пайдаланылатуғын компютер үскенесин қасттан истен шығарыў, сондай-ақ компютер системасын бузыў (саботажи) — үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырып, базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем еркин шеклеў яки еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. а) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип; б) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса, — еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға еркин шеклеў яки еки жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. 2786-статья. Зыян келтиретуғын программаларды жаратыў, ислетиў ямаса тарқатыў Компютер системасында сақланып атырған ямаса узатылып атырған ахпаратты рухсатсыз жоқ етип жибериў, тосып қойыў, модификацияластырыў, одан нусқа көшириў ямаса оны қолға киргизиў мақсетин гөзлеп компютер программаларын жаратыў ямаса бар программаларды өзгертиў, сондай-ақ арнаўлы вирус программаларын ислеп шығыў, олардан қасттан пайдаланыў ямаса оларды қасттан тарқатыў — базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем еркин шеклеў яки еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы ҳәрекетлер: а) оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ; б) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип; в) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен; г) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, — еки жылдан үш жылға шекем еркинен шеклеў яки еки жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. 2787-статья. Телекоммуникация тармағыннан нызамға қылап түрде (рухсатсыз ) пайдаланыў Орнатылған қорғаў системаларын шетлеп өткен ҳалда телекоммуникация тармағыннан пайдаланыў ҳәм халық аралық трафикти өткериў мақсетинде телекоммуникация тармағыннан нызамға қылап түрде (рухсатсыз) пайдаланыў, сондай-ақ усы мақсетлер ушын мөлшерленген арнаўлы программалық ямаса аппарат қуралларын нызамға қылап түрде (рухсатсыз) сақлаў ҳәм олардың искерлик көрсетиўи ушын шәраятлар жаратыў — базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы ҳәрекетлер: а) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип; б) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен; в) хызмет дәрежесинен пайдаланып ; г) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling