Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья Нәшебентлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды тутыныўға тартыў


Download 340.7 Kb.
bet130/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   126   127   128   129   130   131   132   133   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

274-статья Нәшебентлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды тутыныўға тартыў
Нәшебентлик затлары, олардың аналоглары, психотроп ямаса шахстың ақыл-жигерине тәсир етиўши басқа затларды ҳәр қандай түрде тутыныў тартыў —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) алдын нәшебентлик затллары ямаса психотроп затлар менен нызамға қылап түрде айланыс етиўден ибарат жынаятты ислеген шахс тәрепинен;
б) еркинен айырыў жазасын өтеў орынларында ;
в) еки ямаса одан артық шахсқа қарата исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

275-статья. Нәшебетлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затлар ислеп шығарыў ямаса олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў
Нәшебентлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды ислеп шығарыў, сақлаў, есапқа алыў, бериў, тасыў ямаса жибериўдиң белгиленген қағыйдаларын бузыў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесиен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

276-статья. Нәшебентлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп заттларды өткериў мақсетин гөзлемей нызамға қылап түрде таярлаў, ийелеў, сақлаў ҳәм басқа ҳәрекетлер
Нәшебентлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды өткериў мақсетин гөзлемей, нызамға қылап түрде таярлаў, сақлаў, ийелеў, тасыў ямаса жибериў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыслар :
а) көп муғдарда ;
б) алдын нәшебентлик затлары ямаса психотроп затлар менен нызамға қылап түрде мәмиле етиўден ибарат жынаятты ислеген шахс тәрепинен исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған қылмысларды ислеген шахс өз ықтыяры менен айбын мойнына алыў ҳаққында ҳәкимият шөлкемлерине арыз етсе ҳәм нәшебентлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды тапсырса, жазадан азат етиледи.



Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   126   127   128   129   130   131   132   133   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling