289 -статья. Батып баратырған әскерий кемени таслап кетиў
Батып баратырған әскерий кемени өз хызмет ўазыйпаларын ақырына шекем орынламаған командир тәрепинен, сондай-ақ, командирдиң тийисли бийлиги болмастан кеме командасы қурамындағы шахс тәрепинен тастап кетилиўи—
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс жаўынгерлик жағдайында исленген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
290-статья. Өзиниң қандайда бир ағзасын майып қылыў жолы менен яки басқа усылда әскерий хызметтен бас тартыў
Өзиниң қандайда ағзасын майып қылыў, яғный әскерий хызметкердиң өз денесине қандайда зыян келтириў жолы менен, сондай-ақ , өзин жалған аўырыў етип көрсетиў, ҳүжжетлерди қәлбекилестириў яки басқаша алдаў жолы менен әскерий хызмет ўазыйпаларын орынлаўдан бас тартыў ямаса усы ўазыйпаларды орынлаўдан бас тартыўы —
бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў ямаса бес жылға шекем ерикнен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет жаўынгерлик жағдайында исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
291-статья. Қараўыл хызметин өтеў қағыйдаларын бузыў
Қараўыл (сақшылық) хызмети устав қағыйдаларын қараўыл қурамына кирген шахс тәрепинен зыянлы ақыбетлер келтирип шығаратуғын тәрзде бузыў, егер, усы қараўыл бундай ақыбетлердиң алдын алыў ушын тайынланған болса, —
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў яки бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) денеге аўыр зыян келтирилиўинде;
б) адам өлиўимине;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс жаўынгерлик жағдайында исленген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
292-статья . Ишки хызметти өтеў яки гарнизонда патрульлик қылыў қағыйдаларын бузыў
Ишки хызмет уставы қағыйдаларын, сондай-ақ, гарнизонда патрульлик қылыў қағыйдаларын зыянлы ақыбетлер келтирип шығаратуғын тәрзде бузыў, тийисли хызмет усындай ақыбетлердиң алдын алыў ушын тайынланған болса, —
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |