296 -статья. Әскерий мулкти набыт қылыў ямаса оған зыян келтириў
Қурал, оқ-дәри, ҳәрекетлениў қураллары, әскерий техника ҳәм басқа әскерий мулкти қасттан набыт қылыў яки оған зыян келтириў
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс жаўынгерлик жағдайында исленген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
297-статья. Әтираптағылар ушын үлкен қәўип дәреги болған қурал -жарақ, сондай-ақ затлар ҳәм буйымлар менен ислесиў қағыйдаларын бузыў
Әтираптағылар ушын үлкен қәўип дәреги болған қурал-жарақ, сондай-ақ, оқ-дәри, жарылғыш, радиоактив ҳәм басқа затлар ҳәм буйымлар менен ислеў қағыйдаларын бузыў денеге орташа аўыр жарақат салыныўына себеп болса, —
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) еки ямаса одан артық шахстың денесине орташа аўыр зыян келтириўине;
б) аўыр жарақат салыныўына;
в) адам өлиўине себеп болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркнен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адамлар өлимине;
б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
298-статья. Машиналарды басқарыў яки олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў
Жаўынгерлик, арнаўлы яки транспорт машиналарын басқарыў яки олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтириўине себеп болса, —.
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс адам өлиўине себеп болса, —
үш жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адамлар өлимине;
б) апатқа ;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |