ЖЕТИНШИ БӨЛИМ
ӘСКЕРИЙ ХЫЗМЕТТИ ӨТЕЎ ТӘРТИБИНЕ ҚАРСЫ ЖИНАЯТЛАР
ХХI БАП. БОЙСЫНЫЎ ҲӘМ ӘСКЕРИЙ АБЫРОЙДЫ САҚЛАЎ ТӘРТИБИНЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР
279 -статья. Бойсынбаў
Бойсынбаў, яғный буйрықты орынлаўдан ашықтан-ашық бас тартыў да, сондай-ақ, буйрықты басқа түрде қасттан орынламаў —
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) бир топар шахслар тәрепинен исленген болса ;
б) аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс жаўынгерлик жағдайында исленген болса, —
бес жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
280-статья. Буйрықты орынламаў
Буйрықты абайсызлық себепли орынламаў көп муғдарда зыян келтирилиўине яки аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў яки бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў менен жазаланады.
Усы қылмыс жаўынгерлик жағдайында исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
281-статья. Баслыққа қарсылық көрсетиў яки оны хызмет ўазыйпаларын бузыўға мәжбүрлеў
Баслыққа, сондай-ақ әскерий хызметке муўапық өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлап атырған басқа шахсқа қарсылық көрсетиў яки оны усы ўазыйпаларды бузыўға мәжбүрлеў —
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў яки бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў яки бес жылға шекем еркинен айырў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) бир топар шахслар тәрепинен;
б) қурал ислетип ислеў ;
в) аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер жаўынгерлик жағдайында исленген болса, —
бес жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
282-статья. Баслықты қорқытыў
Жаўынгерлик жағдайында баслыкты өлтириў яки зорлық ислетиў менен қорқытыў, усындай ҳәрекет әмелге асырылыўы ушын жетерли тийкарлар бар болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |