Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet115/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   111   112   113   114   115   116   117   118   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

2442-статья. Диний экстремистик, сепаратистик, фундаменталистик ямаса басқа қадаған етилген шөлкемлер дүзиў, оларға басшылық етиў, оларда қатнасыў
Диний экстремистик, сепаратистик, фундаменталистик яки басқа қадаған етилген шөлкемлер дүзиў, оларға басшылық етиў, оларда қатнасыў —
бес жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) аўыр ақыбетлер келип шығыўына себеп болса ;
б) ер жетпеген шахсты қосқан ҳалда исленген болса, —
Егер шахс қадаған етилген шөлкемлер бар екенлиги ҳаққында өз ықтыяры менен хабар берген ҳәм жынаятты ашыўға жәрдем берген болса, ол усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған жынаят ушын жуўапкершиликтен азат етиледи.

2443-статья. Диний мазмундағы материалларды нызамға қылап түрде таярлаў, сақлаў, алып кириў ямаса тарқатыў
Диний мазмундағы материалларды тарқатыў мақсетинде нызамға қылап түрде таярлаў, сақлаў, Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў ямаса тарқатыў, усындай қылмыслар ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

2444-статья. Ушыўшысыз ушатыўғын аппаратларды нызамға қылап түрде алып кириў, өткериў, алыў, сақлаў ямаса олардан пайдаланыў
Ушыўшысыз ушатыўғын аппаратларды, олардың комплект ҳәм ықтыят бөлимлерин нызамға қылап түрде алып кириў, өткериў, алыў, сақлаў ямаса олардан пайдаланыў, —
үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) шахстың өз хызмет дәрежесинен пайдаланып ;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса ;
г) денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер адам өлиўине себеп болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркин айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) адамлар өлимине;
б) апатқа ;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
сегиз жылдан он жылға шекем еркин айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши бөлимнде нәзерде тутылған ҳәрекетлерди ислеген шахс, егер ол ушыўшысыз ушатыўғын аппаратларды, олардың комплект ҳәм ықтыят бөлимлерин өз ықтыяры менен тапсырса, жуўапкерштликтен азат етиледи.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   111   112   113   114   115   116   117   118   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling