Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Күшли тәсир етиўши яки зәҳәрли заттларды нызамға қылап түрде ийелеў


Download 340.7 Kb.
bet120/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   116   117   118   119   120   121   122   123   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

251-статья. Күшли тәсир етиўши яки зәҳәрли заттларды нызамға қылап түрде ийелеў
Күшли тәсир етиўши яки зәҳәрли заттларды ўрлық ямаса алдаўшылық жолы менен нызамға қылап түрде ийелеў —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) өзлестириў, растрата қылыў ямаса лаўазымынан пайдаланып қыянет етиў жолы менен;
г) тонаўшылық жолы менен;
д) таўламашылық пенен исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) басқыншылық жолы менен;
б) көп муғдарда ;
в) шөлкемлескен топар ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

2511-статья. Күшли тәсир етиўши ямаса зәҳәрли затлардың нызамға қылап рәўиште айланысы
Нәшебентлик затлары, олардың аналоглари ямаса психотроп затлар есапланбайтуғын күшли тәсир етиўши яки зәҳәрли затларды өткериў мақсетинде нызамға қылап түрде таярлаў, қайта ислеў, алыў, сақлаў, тасыў ямаса жибериў, сондай-ақ оларды нызамға қылап түрде өткериў яки оларды өткериў мақсетинде таярлаў яки қайта ислеў ушын әсбап -үскенелерди таярлаў, алыў, сақлаў, тасыў, жибериў ямаса өткериў, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бир жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер тәкираран ямаса бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса, —
бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы сататьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса көп муғдарда исленген болса, —
жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Күшли тәсир етиўши ямаса зәҳәрли затларды ислеп шығарыў, алыў, сақлаў, есапқа алыў, бериў, тасыў яки жибериў қағыйдаларын бузыў, егер бул абайсызлықтан олардың ўрланыўына ямаса басқа тәрзде оғада аўыр зыян келтирилиўине алып келген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   116   117   118   119   120   121   122   123   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling