Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet106/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   102   103   104   105   106   107   108   109   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

2293-статья. Белгиленген қадалаўды (шеклеўлерди) бузған ҳалда биналарды, имаратларды яки басқа объектлерди қурыў, реконструкция етиў ҳәм капитал ремонтлаў
Қаласазлық ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық биналарды, имаратларды ямаса басқа объектлерди қурыў, реконструкция етиў ҳәм капитал ремонтлаўға қадағаўлар (шеклеўлер) белгиленген зоналарда бул ислерди орынлаў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының отыз есесинен еллиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Мәмлекет қәўипсизлигине алынған мәдений мийраслар көшпес мүлк объектлериниң қорғалатуғын теграларинда, өз алдына қорғалатуғын тарийхый-мәдений аймақларда, сондай-ақ өзиниң тарийхый-мәдений қымбатына көре Пүткил жәҳан мийраслары дизимине киритилген аймақларда ҳәм олардың қорғалатуғын теграларинда мәдений мийраслар объектлери есапланбаған биналар, имаратлар ҳәм де тағы басқа объектлерди белгиленген тәртипте рухсатнама алмастан қурыў ямаса бузыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

2294-статья. Жер бериў тәртибин бузыў
Жер бериў тәртибин бузыў, сондай ҳәрекет ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки белгили ҳуқықтан айырып, бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) тәкираран исленген болса ;
б) суўғарылатуғын жерлердиң аўыл хожалығы оборотынан шығыўына себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки белгили ҳуқықтан айрып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   102   103   104   105   106   107   108   109   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling