Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet93/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   89   90   91   92   93   94   95   96   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

2021-статья. Ҳайўанларға рейимсиз мүнәсебетте болыў
Ҳайўанларға рейимсиз мүнәсебетте болыў, яғный ғәрезли ямаса басқа пәс нийетлерде оларды қыйнаў яки оларға азап бериў олардың өлимине ямаса майып болыўына алып келсе, усындай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки алты айға шекем еркин шеклеў ямаса алты айға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

203-статья. Суў ямаса суў бассейинен пайдаланыў шәртлерин бузыў
Суў ямаса суў бассейинен пайдаланыў шәртлерин бузыў аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
204-статья. Айрықша қорғалатуғын тәбийий аймақлардың тәртибин бузыў
Айрықша қорғалатуғын тәбийий аймақлардың тәртибин бузыў көп муғдарда зыян келтирилиўи ямаса басқаша аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Айрықша қорғалатуғын тәбийий аймақ ямаса объектлерди қасттан ныбыт қылыў ямаса оларға зыян келтириў көп муғдарда зыян келтирилиўи яки басқаша аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланады.


БЕШИНШИ БӨЛИМ
ҲӘКИМИЯТ, БАСҚАРЫЎ ҲӘМ ЖӘМИЙЕТЛИК БИРЛЕСПЕЛЕРИ ОРГАНЛАРЫНЫҢ ИСКЕРЛИГИНЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   89   90   91   92   93   94   95   96   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling