Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet87/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   83   84   85   86   87   88   89   90   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

19210-статья. Мәмлекетлик емес коммерция шөлкеминиң ямаса басқа мәмлекетлик емес шөлкеминиң хызметкерин пара есесине аўдырып алыў
Мәмлекетлик емес коммерция шөлкеминиң ямаса басқа мәмлекетлик емес шөлкеминиң хызметкерине усы хызметкердиң өз ўәкилликлеринен пайдаланған ҳалда ислеўи керек ямаса мүмкин болған арнаўлы ҳәрекетти оны пара орнына өзине аўдырып алып атырған шахс мәплерин гөзлеп орынлаўы ямаса орынламаўы орнына нызамға қылап екенлигин биле турып, материаллық қымбатлықлар бериў ямаса оны мүлкий мәпдар етиў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен отыз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Мәмлекетлик емес коммерция шөлкеми ямаса басқа мәмлекетлик емес шөлкеми хызметкериниң ўәкилликлеринен пайдаланған ҳалда ислеўи лазым ямаса мүмкин болған арнаўлы ҳәрекетти оны пара орнына өзине аўдырып алып атырған шахс мәплерин гөзлеп орынлаўы яки орынламаў орнына нызамға қылап екенлигин биле турып, материаллық қымбатлықлар алыўы яки мүлкий мәпдар болыўы, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен отыз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

19211-статья. Мәмлекетлик емес коммерция шөлкеминде яки басқа мәмлекетлик емес шөлкеминде лаўазымлы шахслар тәрепинен өз ўәкилликлерин пайдаланып қыянет етиў
Лаўазым ўәкилликлеринен пайдаланып қыянет етиў , яғный мәмлекетлик емес коммерция шөлкеми яки басқа мәмлекетлик емес шөлкеми лаўазымлы шахсының өз лаўазым ўәкилликлеринен қасттан пайдаланыўы пуқаралардың ҳуқықларына ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерине яки мәмлекет ямаса жәмийетлик мәплерине көп муғдарда зыян яки оғада аўыр зыян келтириўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем еркин шеклеў яки еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ;
б) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Келтирилген материаллық зыянның орнын қаплаған жағдайда еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды.

Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   83   84   85   86   87   88   89   90   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling