Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet86/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   82   83   84   85   86   87   88   89   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

1927-статья. Хожалық жургизиўши субъектлерге ҳәм басқа шөлкемлерге пул қаржлары бериўди негизсиз түрде кешиктириў
Хожалық жургизиўши субъектлерге ҳәм басқа шөлкемлерге мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм оларға теңлестирилген басқа төлеўлерди төлеў ушын пул қаржлары бериўди банктиң лаўазымлы шахсы ямаса хызметкери тәрепинен негизсиз түрде кешиктириў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса,
базалық есаплаў муғдарының елиў есесиен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылға шекем еркин шеклеў яки бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

1928-статья. Исбилерменлик субъектлериниң есапбетлеринде пул қаржлары бар екенлиги хаққындағы ахпаратты нызамға қылап түрде талап қылыў
Нызамшылықта нәзерде тутылмаған жағдайларда исбилерменлик субъектлериниң есапбетлеринде пул қаржлары бар екенлиги ҳаққындағы ахпаратты талап қылыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

1929-статья. Коммерцияда пара орнына аўдырып алыў
Мәмлекетлик емес коммерция шөлкеминиң ямаса басқа мәмлекетлик емес шөлкеминиң лаўазымлы шахсына усы лаўазымлы шахстың өз ўәкилликлеринен пайдаланған ҳалда ислеўи лазым яки мүмкин болған арнаўлы ҳәрекетти оны пара орнына өзине аўдырып алып атырған шахс мәплерин гөзлеп орынлаўы яки орынламаў орнына нызамға қылап екенлигин биле турып, материаллық қымбатлықлар бериў ямаса оны мүлкий мәпдар етиў, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Мәмлекетлик емес коммерция шөлкеми ямаса басқа мәмлекетлик емес шөлкеми лаўазымлы шахсының өз ўәкилликлеринен пайдаланған ҳалда ислеўи лазым яки мүмкин болған арнаўлы ҳәрекетти оны пара орнына өзине аўдырып алып атырған шахс мәплерин гөзлеп орынлаўы яки орынламаў орнына нызамға қылап екенлигин биле турып, материаллық қымбатлықлар алыўы ямаса мүлкий мәпдар болыўы, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши бөлимнде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) тәкираран;
б) көп муғдарда ;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) тәкираран;
б) көп муғдарда ;
в) дәмегөйлик пенен;
г) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзететиў жумыслары якт үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) оғада көп муғдарда ;
б) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Егер пара орнына аўдырып алыўды әмелге асырған шахсқа қарата материаллық қымбатлықлар ямаса мүлкий мәп сорап ҳийлекерлик етилген болса ҳәм бул шахс жынайый ҳәрекетлер исленгеннен кейин бул ҳаққында отыз күн ишинде өз ықтыярый менен хабар берсе, шын кеўилден пушайман болып, жынаятты ашыўда белсенди жәрдем берген болса, ол жуўапкершиликтен азат етиледи.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   82   83   84   85   86   87   88   89   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling