Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Салық ставкасы
- Пропорционал
Салыққа тартыў бирлиги - бул объекттиң ӛлшем бирлиги. Мәселен,
дәрамат яки мал-мүлк салығында объекттиң ӛлшем бирлиги болып оның сўмдағы баҳасы аңлатылса, жер салығында ӛлшем бирлиги болып кв.м. яки гектар есапланады. Салық ставкасы - объекттиң ҳәр бир бирлиги ушын мәмлекет тәрепинен белгилеп қойылған норма. Салық ставкасы салық элементлери ишинде ең кӛп әмелий әҳмийетке ийе болған элемент. Себеби, салық ставкаларын ӛзгертиў арқалы мәмлекет хожалық жүритиўши субъектлер хызметине сезилерли тәсир етеди, айырым хызмет ҳәм тараўға үлкен итибар берилиўи, капитал зәрүр тараўларға бағдарланыўы, хошаметлениўи мүмкин. Салық ставкалары еки түрли кӛринисте: турақлы (пулда белгиленген) ставкаларда ҳәм салыстырмалы(процентте) ставкаларда аңлатылады. Салық ставкасы қатаң ставкада белгиленген ҳалда салық объектке салыстырмалы қатаң сўмда белгиленеди. Мәселен, жер салығының ҳәр бир гектары ушын қатаң сўмда салық муғдары орнатылған. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың дәраматларына, мал-мүлклерине болса салыстырмалы ставкада яки процентте салық муғдары белгиленген. Салық ставкасы менен салыққа тартыў объекти ортасындағы байланыс дәрежесине қарап салық ставкаларын пропорционал, прогрессив ҳәм регрессив түрлерге ажыратыў мүмкин. Пропорционал салық ставкасының мазмуны соннан ибарат, бунда салыққа тартыў объекти қандай болыўына қарамстан салық ставкасы ӛзгермейди. Мәселен, республикамыз салық системасында әмел қылыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мал-мүлкине салық оның объекти 1000 сўм болғанында да 100 000 сўм болғанында да салық ставкасы ӛзгермей қалабереди, яғный салық объекттиң ӛзгериўи салық ставкасының ӛзгериўине тәсир қылмайды. Прогрессив салық ставкасында салық объекттиң ӛзгериўи ӛз нәўбетинде салық ставкасының ӛзгериўине, яғный артып барыўына алып келеди. Мәселен, физикалық шахслардың дәраматына салық ставкалары прогрессив тәризде белгиленген болып, физикалық шахслардың дәраматлары артып барған сайын салық ставкалары да артып барады. Ӛзбекстан Республикасының салық нызамшылығына муўапық 2016 жыл ушын физикалық шахслардың дәраматына салық ставкалары: ең кем ис ҳақының 5 есеси муғдарына 7,5% те, 5 есесинен 10 есесине шекем аралықтағы муғдарына 17% те, 10 есесинен артқан бӛлимине болса 23% те белгиленген. Прогрессив салық ставкасының еки түри бар: әпиўайы прогрессия ҳәм қурамалы прогрессия. Әпиўайы прогрессияда салықтың арттырылған ставкасы салыққа тартылатуғын барлық объектке салыстырмалы қолланылады, қурамалы прогрессияда болса, салыққа тартыў объекти бӛлимлерге бӛлинеди, олардың ҳәр бири ӛз ставкасы бойынша салыққа тартылады, яғный арттырылған ставкалар пүтин объектке салыстырмалы емес, бәлким буннан алдынғы басқышынан артқан бӛлимине салыстырмалы қолланылады. Жоқарыда келтирген мысалымыз, физикалық шахслардың дәраматына салық ставкаларының қурамалы прогрессиясы. Регрессив салық ставкасында салық объекттиң артып барыўы менен салық ставкасы кемейип барып, дәрамат яки ӛнимди кӛп ӛндириўди талап қылады. Республикамыз салық нызамшылығына муўапық шетке экспортқа шығарыў мақсетинде товарлар ӛндириў, еркин алмастырылатуғын валюталарда түсимге ерискенлер экономикалық хошаметленеди, яғный дәрамат (пайда) салығы кемейттирилген ставкада тӛленеди. 2002 жылдан баслап киритилген бул сиясатты кеңейтиў экономикалық раўажланыўға үлкен тәсир етеди. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling