Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet19/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

Салыққа тартыў предмети - салық салынатуғын дәрамат, айланыс 
(оборот), мал-мүлк ҳәм басқаларға болған ҳуқуқ емес, бәлким олардың ӛзи, 
яғный салық салыў объекти болып ҳәр қандай салық предметине болған 
ҳуқуқ түсинилсе, предмет болып сол ийелик қылынатуғын дәрамат, жер 
участкасы, имарат ҳәм басқалардың ӛзи түсиниледи. Салық объекти яки 
салыққа тартыў предмети, оған ким ийелик қылыў ҳуқуқына ийе болса, онда 
салықты тӛлеў мәжбүрияты, яғный салық субъектин сәўлелендиреди. Демек, 
айтыўымыз мүмкин, салыққа тартыў предметине ийелик қылыў ҳуқуқы 
салық объектин жүзеге келтирсе, ӛз нәўбетинде усы предметке кимниң 
ийелик қылыўы салық субъектин яки салық тӛлеўшисин кӛрсетеди. 
Салық дереги - бул салық тӛлеўшиниң тӛлейтуғын салықлары дереги, 
яғный дәраматы. Салық объекти ҳәм салық дерегин бир-биринен парқлаў 
лазым. Айырым салық түрлери бойынша, мәселен, дәрамат (пайда)қа, жалпы 


дәраматқа, физикалық шахслардың дәраматына салықлар бойынша салық 
объекти де салық дереги де бирдей болады, яғный не объект болса, оның ӛзи 
дерек есапланады. 
Усы орында салыққа тартыў предмети, салық объекти ҳәм салық дерегин 
парқлаў ҳәм олардың мазмунын ашып бериў ушын анық салық түри 
бойынша кӛрип шығайық. Жер салығы бойынша кӛретуғын болсақ, оның 
салыққа тартыў предмети болып жер участкасы майданы, оған кимниң 
ийелик қылыў ҳуқуқы бар болса салық объекти пайда болады ҳәм усы жер 
салығы қайсы дерек есабынан мәмлекет бюджетине тӛленсе, мәселен, жерден 
ҳәр қыйлы мақсетте пайдаланыў нәтийжесинде алынатуғын дәрамат оның 
дерегин анықластырады. Демек, усы пикирлерден келип шығып айтыўымыз 
мүмкин, салыққа тартыў предмети ӛз-ӛзинен кимдедур салық тӛлеў 
мәжбүриятын жүзеге келтирмейди. Мысалымызға қайтатуғын болсақ, жерге 
болған ҳуқуқты орынлардағы жергиликли ҳәкимят шӛлкемлери береди ҳәм 
соның менен биргеликте жерден пайдаланыўшыда салық тӛлеў мәжбүрияты 
жүзеге келеди, себеби онда усы жер участкасынан пайдаланыў ҳуқуқы бар. 
Демек, салық предметине кимниң ийелик қылыў ҳуқуқы бар болатуғын 
болса, ол салық қатнасықларында салық субъекти сыпатында қатнасады. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling