ӛндириўде қайсы усыллардан кӛбирек пайдаланыў тийкарынан орынлаўшы
ҳәкимят хызметиниң мазмунына байланыслы. Соның ушын да салыққа
тартыў системасы ҳәр бир мәмлекетте ӛзине тән тәризде әмел қылыўы ҳәм
шӛлкемлестирилиўи мүмкин.
Демек, жоқарыдағылардан келип шығып айтыўымыз мүмкин, мәмлекет
нызамшылығы менен белгиленген ҳәм оның арнаўлы мекемелери тәрепинен
ӛндирилетуғын салықларды шӛлкемлестириў усыллары, элементлери ҳәм
принциплери комплексине салыққа тартыў системасы деп аталады.
Салыққа тартыў системасының тийкарғы буўыны есапланған салық
элементлери салыққа тартыўда аңлатылатуғын түсиниклер болып, олар
салық тӛлеўшилер ҳәм салықты ӛндириўши ортасындағы экономикалық-
ҳуқуқый қатнасықларда кӛринеди.
Салық теориясында салыққа тийисли қатнасықларды толық ҳәм
тереңирек аңлаў ушын экономикалық категориялардың ҳәр бир киши
топарлары белгили атамадағы ибаралар менен түсиндириледи. Салық
элементлери де тап сондай салыққа тийисли экономикалық ҳәдийселерди
түсиндириўге хызмет қылыўшы ӛз ишине салыққа
байланыслы бир нешше
терминди қамтыўшы бир пүтин түсиник. Салық элементлери түсиниги
салыққа тартыў системасының әҳмийетли қурам бӛлеги болып, оның ӛзи де
киши системаны қурайды, яғный жуўмақлап айтқанда салық элементлери де
бир нешше экономикалық категориялардың пүтин ҳалдағы ҳәрекетин
билдиреди.
Do'stlaringiz bilan baham: