Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Ӛзбекстан Республикасы салық сиясатында салыққа тартыў


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet15/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

 
3. Ӛзбекстан Республикасы салық сиясатында салыққа тартыў 
принциплери 
Салыққа тартыў принциплери ҳәм салық нызамшылығы принциплери
белгили уқсаслықларға ийе ҳәм оларды толық турмысқа енгизиў 
экономиканы раўажландырыўдың әҳмийетли ўазыйпаларынан бири. 
Ӛзбекстан Республикасы Салық Кодексинде салыққа тартыў 
принциплери орнына салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң принциплери 
деп аталып, оның принциплери белгилеп берилген. (5-статья) 
Салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң принциплери 
Салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери салық салыўдың мәжбүрийлиги, 
анықлығы, әдалатлылығы, салық системасының бир пүтинлиги, салық 


ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң әшкәралығы ҳәм салық тӛлеўшиниң 
ҳақлығы презумпциясы принциплерине тийкарланады. 
Салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң қағыйдалары усы Кодексте 
белгиленген принциплерге қарсы болыўы мүмкин емес. 
Салық салыўдың мәжбүрийлиги принципи 
Ҳәр бир шахс усы Кодексте белгиленген салықлар ҳәм басқа мәжбүрий 
тӛлемлерди тӛлеўи шәрт. 
Ҳеш кимниң жуўапкершилигине усы Кодексте нәзерде тутылмаған яки оның 
нормалары бузылған ҳалда белгиленген салықлар ҳәм басқа мәжбүрий 
тӛлемлерди тӛлеў мәжбүрияты жүклениўи мүмкин емес. 
Салық салыўдың анықлығы принципи 
Салықлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлер анық болыўы керек. Салық 
ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери ҳәр бир салық тӛлеўши қайсы салықлар ҳәм 
басқа мәжбүрий тӛлемлерди, қашан, қанша муғдарда ҳәмде қай тәртипте 
тӛлеўи кереклигин анық билетуғын тәризде аңлатылған болыўы керек. 
Салықлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлерди белгилеўде, егер усы Кодексте 
басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, салық тӛлеўшилер, сондайақ 
салықлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлердиң элементлери анықланған болыўы 
керек. 
Салық салыўдың әдалатлылығы принципи
Салық салыў улыўмалық болып есапланады. 
Салықлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлер бойынша жеңилликлерди белгилеў 
социаллық адолат принциплерине сай болыўы керек. Салықлар ҳәм басқа 
мәжбүрий тӛлемлер бойынша жеке тәртиптеги ӛзгешеликке ийе болған 
жеңилликлер берилиўине жол қойылмайды. 
Салықлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлер кемситиў ӛзгешелигине ийе 
болыўы мүмкин емес ҳәмде социаллық, расалық, миллий, диний ҳәм басқа 
усындай критериялардан келип шыққан ҳалда қолланылыўы мүмкин емес. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling